Сулыў дем алыў орнында билимлер беккемленеди

250

Президент Шавкат Мирзиёев 15-сентябрь күни Ташкент ўәлаятының Бостанлық районына барып, “Ренессанс” балалар саламатландырыў дем алыў орайында жаратылған шараятлар менен танысты.

Мәмлекетимизде билимлендириў ҳәм жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Оның ушын көплеген оқыў мәкемелери қурылып, заманагөй үскенеленбекте. Жасларға улыўма билим бериў менен бирге қәбилетине қарап қәнигелестирилген билимлер де берилмекте. Соның ишинде, 14 Президент мектеби, 201 қәнигелескен, 2 спорт ҳәм 9 дөретиўшилик мектеби шөлкемлестирилди. Олардағы оқытыў ҳәм баҳалаў системасы 1 мың 500 мектепте де енгизилди.

Буның логикалық даўамы сыпатында билимли оқыўшыларды таңлап, халықаралық дәрежеде тәрбиялаўға да айрықша итибар қаратылмақта. Өткен жылы Пән олимпиадалары орайы, быйыл халықаралық мектеп шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасына муўапық, жасларымыздың Американың “Печак лигасы” (The Ivy League) университетлерине таярлаў жолға қойылмақта. Оның ушын миллий бағдарлама қабыл етилди. Усы жылы дәслеп 1,5 мың оқыўшы таңлап алынды. Оларға Президент ҳәм қәнигелескен мектеплерден 208 мәсләҳәтши бириктирилди.

Бул “Ренессанс” дем алыў орайы усы системаның бир бөлеги. Бул жерде жаслар жыл даўамында 3 ҳәптелик интенсив оқыў курсларында оқытылады. Жақсы нәтийже көрсеткен 40 ы “Печак лигасы” университетлерине тәжирийбе алмасыў ушын жибериледи.

Дем алыў орайы 500 ге шамалас оқыўшыны қабыллаў қуўатлылығына ийе. Администрация, оқыў имаратлары ҳәм жатақханада заманагөй шараятлар жаратылған. Мийманхана, асхана ҳәм автомобиль турыў орынлары келиўшилер ушын қосымша қолайлық есапланады.

Жазда өткерилген семинарларда пән олимпиадаларының жеңимпазлары, шет тили сертификатына ийе жаслар, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ перзентлери қатнасты. Бул тең имканиятлардан пайдаланған ул-қызлардың билимин арттырып, келешегине беккем тийкар жаратты.

Сыр емес, бурын дем алыў орынларына дем алыў ҳәм кеўил ашар орын сыпатында қаралған. Енди бул көзқарас пүткиллей өзгерди. “Ренессанс” оқыўшылардың билимлендириў, мәнаўият ҳәм инновация майданына айланды.

Президентимиз дем алыў орайының ханаларындағы шараятларды, жаслардың ойлап табыўларын көзден өткерди.

STEAM ханалары, самолётты басқарыў симуляторы, тәбийғый пәнлер лабораториялары балалардың қызығыўшылықларын әмелий көнликпелерге айландырады. Олар китапханада билимлерин, спорт майданшаларында саламатлығын беккемлейди. Көркем өнер мүйешинде көркем өнер, әдебият бағдарындағы сабақлар қоллап-қуўатланады. Сулыў тәбият, дослық орталығы жаслардың кейпиятын көтерип, умтылысын арттырады.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстан университетиниң басшылары ҳәм питкериўшилери менен де сөйлести.

– Өзбекстан жасларының потенциалы, күш-ғайраты, умтылысы күшли. Биз мәмлекет болып, миллет болып, сапалы билимлендириўди тәмийинлесек, перзентлеримизге ҳеш ким тең келе алмайды, олар барлық тараўда жетекши болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде Ал-Хорезмий университети кампусының жойбары таныстырылды. Бул басламаның тийкарында да жаслардың билимли болыўы, қәбилетиниң раўажланыўы ушын шараят жаратыў мақсет етилген. Жойбарды нәтийжели әмелге асырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.


ӨзА