Жас қылышпазларымыздың Азия кубогиндеги табысы

126

Ташкент қаласында қылышласыў спортының сабля, шпага ҳәм рапира түрлеринен 17 жастағы ер балалар ҳәм қызлар арасында Азия кубоги беллесиўлери болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында бир қатар спортшыларымыз да қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизди.

Атап айтқанда, қызлар арасында болып өткен беллесиўлерде Наргиза Утебаева пенен Нурхаят Қалниязовалар, ер балалар арасында Артур Бегжанов, Алишер Кабулов ҳәм Қоблан Камаловлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия кубоги жеңимпазларына айланды ҳәм алтын медаль менен сыйлықланды.

-Бул жарыс жасларымыз ушын оғада табыслы келди,-дейди сайланды командамыз тренери Дәўирбек Жийемуратов.-Атап айтқанда, жеңимпаз спортшыларымыздан тысқары Перийзат Мауленбергенова, Перуза Шерниязова, Умида Рустамова, Султан Аметбеков ҳәм Алишер Жалғасбаевлар қола медальларын жеңип алды. Алдағы ўақытлары олардан буннан да жоқары нәтийжелерди күтип қаламыз.

Жас спортшыларымызды бул жарысқа Сәрдар Назарымбетов, Назипа Отебаева, Фархад Наўрызбаев, Пазылбек Генжебаев, Ербол Жумабаев , Жақсымурат Бекмуратов ҳәм Әмир Бекбергеновлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы