Непалдағы тәртипсизлик қаншаға түсти?

Күни кеше Непалда бир қатар ири социаллық тармақлар қадаған етилгеннен кейин ҳүкиметке қарсы басланған тәртипсизлик мәмлекет инфраструктурасына мисли көрилмеген зыян жеткерди. Жергиликли портал Қала қурылысы министрлигиндеги дерекке сүйенип жазыўынша, улыўма зыян 1,4 миллиард доллардан артқан.
– Көпшилик имаратларды тиклеп болмайды, жер силкиниўден кейинги жағдай сыяқлы тек ғана оңлаў ҳәм қайта пайдаланыў мүмкин емес, – дейди дерек. – Қайта қурыў ушын 200 миллиард рупий (шама менен 1,4 миллиард доллар – редакция) дан көбирек қаржы керек.
Өткен ҳәптениӊ ақырында Непал рәсмийлери Байланыс ҳәм мәлимлеме технологиялары министрлигинде белгиленген мүддетте дизимнен өте алмаған бир қатар ири социаллық тармақлардың жумысын қадаған етти. Буннан кейин мәмлекетте жаслардың ғалаба наразылық демонстрациясы басланып кетти. Ўақыяға ғалаба хабар қураллары “З әўлад революциясы”, деп атама берди.
Денсаўлықты сақлаў ҳәм халық министрлигиниң мағлыўматына бола, мәмлекеттеги тәртипсизлик нәтийжесинде 34 адам емлеўханада қайтыс болған, мыңнан аслам жәбирленген адамға медициналық жәрдем көрсетилмекте.
Ҳүкимет социаллық тармаққа қойылған қадағалаўды бийкарлағанына қарамастан, митинг тоқтамады. Аламан Бас министр Шарма Алиниң отставкасын талап етти. Сийшемби күни көтерилисшилер жетекшиниң жеке резиденциясына от берди, ҳүкимет комплексине бастырып кирди. Ҳүкимдар Непал Конгресс партиясы орайлық мәкемеси ҳәм парламент имаратын өртеп жиберди. Ақыбетинде Бас министр отставкаға шығыўға мәжбүр болды. Ҳүкимет ағзалары өз турақ жайынан вертолётта эвакуацияланғаны айтылмақта.
Сийшемби күни кеште Қураллы күшлер ақырында Катманду ҳәм мәмлекеттиң басқа қалалары көшелерин қадағалаўға алды.
С.Раҳимов, ӨзА