Ташкент ўәлаятындағы үлкен имканиятлар көрсетип өтилди

47

Президент Шавкат Мирзиёев 11-сентябрь күни Ташкент ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги ҳәм жаңа режелерди додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Сулыў тәбиятлы ҳәм потенциалы жоқары бул ўәлаяттың экономикасы бүгин избе-из раўажланып бармақта. Кейинги 8 жылда 10 миллиард доллар аймақлық, 8 миллиард долларлық тармақлық инвестициялар киргизилген, 10 мыңға шамалас санаат, саўда ҳәм сервис кәрханалары иске қосылған.

Соңғы 3 жылда жыллық айланысы 10 миллиард сумнан аслам болған кәрханалардың саны 1,8 есеге артып, 1,7 мыңға жеткен. Және айланысы 100 миллиард сумнан жоқары кәрханалар болса 137 ден 193 ге көбейген. Нәтийжеде алдынғы жылларда жыллық орташа экспорт 1 миллиард долларға да жетпеген болса, усы жылдың 8 айында бул көрсеткиштен артқан.

Ўәлаятта қытайлы инвесторлар тәрепинен 2,1 миллиард долларлық ири санаат парклери шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, ўәлаятты 2025-2027-жылларда жедел раўажландырыў бойынша Президент қарарлары қабыл етилип, олардың орынланыўы ушын 40 триллион сумнан аслам қаржылар қаратылған. Булардың барлығы аймақларда жумыссызлықты азайтып, кәмбағаллық дәрежесин қысқартыў имканиятын бермекте. Жылдың ақырына шекем ўәлаятта жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 4,5 процентке түсириўдиң анық есап-санағы исленген.

Бундай нәтийжелерди арттырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының басламасына муўапық, Ташкент ўәлаятында да “Реформалар штабы” дүзилди. Мәжилисте штаб тәрепинен таярланған реже ҳәм жойбарлар таныстырылды.

Президентимиз тәрепинен бул жойбарларды толық әмелге асырыўға жәрдемлесиў, айырым мәселелерди жедел шешиў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

Соның ишинде, Нурафшан, Алмалық ҳәм Шыршық қалаларында сырт ел инвестициясының қатнасыўында санаат кәрханаларын шөлкемлестириў ушын 2 подстанция қурыў нәзерде тутылмақта.

Бекабад қаласында импорттың орнын басатуғын автомобиль аўысық бөлеклерин ислеп шығарыў, Аққорған районында азық-аўқат ҳәм тоқымашылық кәрханаларын ашыў, Аҳангаран, Ангрен ҳәм Орта Шыршық аймағынан ағып өтетуғын Қарасуў каналының бойында туризм ҳәм саўда орынларын шөлкемлестириў имканияты бар.

Улыўма, ўәлаятта 2 миллиард 500 миллион долларлық инвестициялық жойбарлар ислеп шығылған. Олардың нәтийжесинде 11 мыңнан аслам халықтың бәнтлиги тәмийинленеди, 434 миллион долларлық экспорт қуўатлылығы жаратылады.

Президентимиз жойбарлар менен ҳәр тәреплеме танысып, қосымша имканиятларды көрсетип өтти.

– Ташкент ўәлаяты санаатта да, аўыл хожалығында да ең үлкен потенциалға ийе аймақ. Ең тийкарғысы, ўәлаят елимиздеги ең ири тутыныў ҳәм хызметлер базарын, яғный пайтахтымызды ҳәр тәрептен қоршап турады. Бул да жүдә үлкен имканият. Оны толық иске қосып, инвестиция, экспорт ҳәм жумыс орны көрсеткишлерин есесине арттырыў мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилиске Ташкент қаласы ҳәм районларының ҳәкимлери де қатнасты. Ташкент ўәлаятындағы бос жерлер “Ташкент инвест” компаниясы ҳәм қаланың санаат зоналары дирекциясына ажыратылып, экологияға зыян келтирип атырған кәрханалар көширилетуғыны айтылды.

Ташкент ўәлаятының барлық аймақларын пайтахт пенен тез жүретуғын электр поездлар арқалы байланыстырыў ўазыйпасы белгиленди. Бул арқалы ол жерлерде де жаңа турақ жайлар, инфраструктура ҳәм хызметлерге талап артады, адамлар пайтахтқа қатнап жумыс ислеўи мүмкин болады.

Ўәлаяттағы 263 мәҳәлле бирде-бир өним жетистириў, санаат ямаса хызмет көрсетиўге қәнигелеспеген. Сонлықтан, оларда бағшылық, лимон, жүзим, малина, брокколи ҳәм нәл жетистириўди раўажландырыў мөлшерленбекте. Бул мәҳәллелерге “Агростар” компаниясын байланыстырып, туқым, нәл ҳәм кепилликли сатып алыў ушын адамларға жәрдемлесиў бойынша көрсетпе берилди.

Ташкент ўәлаяты жер ҳәм суўға жүдә бай. Буннан нәтийжели пайдаланып, аўыл хожалығы өнимлерин көбейтиў менен бирге оларды қайта ислеп, экспортын арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Улыўма, барлық имканиятларды жүзеге шығарып, мәҳәллелерди жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА