Пахта ҳәм дәнди қабыллаў және оның электрон есабын жүргизиў тәртиби белгиленди

108

Ҳүкимет қарары (573-санлы) менен “Пахта ҳәм дәнди қабыллаў ҳәм оның электрон есабын жүргизиў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Реже Аўыл хожалығы министрлигиниң “Agrotarozi”, “Hosil qabuli” ҳәм “AgroDocs” мәлимлеме системалары арқалы пахта ҳәм дәнди қабыл етиў және оның электрон есабын жүргизиў тәртибин белгилейди.

Пайдаланыўшы интернет мәлимлеме тармағындағы рәсмий веб-сайт арқалы “Agrotarozi” ҳәм “Hosil qabuli” МС имканиятларынан пайдаланыў ушын дизимнен өтеди.

Пайдаланыўшылар “Agrotarozi” МСда дизимнен өтиўде мәлимлеме системасынан пайдаланыў шәртлерин қабыл етиў бойынша электрон тәризде шәртнамаға қол қояды.

Пахта ҳәм дән товар-транспорт жүк хаты тийкарында қабыл етиледи.

Хожалықлар бир жүк хаты менен барлық сапа көрсеткишлери бирдей болған пахта ҳәм дәнди тапсырыў ушын жибериўи керек, яғный:

– бир селекция, санаат сорты ҳәм класына тийисли;

– әўлады ҳәм атыз топары бирдей туқымлық пахта ҳәм дән.

Пахта қабыллаў күни саат 24:00 де жуўмақланады ҳәм күнлик есабатлар физикалық салмақта жүргизиледи.

У.Қурбонов, ӨзА