Өзбекстанда Орайлық Азия Балалар омбудсманларының биринши халықаралық форумы өткерилмекте

Ташкент қаласында БМШтың Балалар фонды (ЮНИСЕФ) ҳәм ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлары координаторы менен биргеликте шөлкемлестирилген Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманларының Биринши халықаралық форумы өз жумысын баслады.
“Орайлық Азия мәмлекетлеринде бала ҳуқықларын қорғаў механизмлерин жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелери: Балалар омбудсманлары регионаллық бирге ислесиўиниң перспективалары” темасына бағышланған халықаралық конференцияда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан Балалар омбудсманлары және Финляндия, Норвегия, Хорватия сыяқлы Европа мәмлекетлери Балалар омбудсманлары ҳәм Европа Балалар омбудсманлары тармағы (ENOC) ўәкиллери қатнаспақта. Сондай-ақ, форумда мәмлекетимиз Олий Мажлиси палаталарының ағзалары, жуўапкер мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнаспақта.
Форумның ашылыўында Өзбекстан Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, Балалар омбудсманы Сурайё Раҳмонова Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған инсан ҳуқықларының үстинлиги, социаллық қорғаў сиясаты балалардың өмиринде де өз көринисин таўып атырғанын атап өтти.
Ҳәр бир балаға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў менен бир қатарда бул бағдарда халықаралық байланыслар да избе-из жолға қойылған. ЮНИСЕФ пенен Өзбекстанның бирге ислесиўи беккемленип бармақта. Өз-ара бирге ислесиўде көплеген ийгиликли жумыслар әмелге асырылды. Балалар дус келип атырған қыйын жағдайларды мәмлекетлераралық бирге ислесиў тийкарында шешиў бойынша биргеликтеги жумыслар алып барылмақта.
ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Рехина Кастижио балалардың мәплерин қорғаў бойынша дүнья бойлап жумыс алып барып атырған ЮНИСЕФ қайсы мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланса, сол жерде нәтийжели жумысларды әмелге асыратуғынын атап өтти. Өзбекстан мәмлекети басшылығы тәрепинен бул шөлкем турақлы қоллап-қуўатланып келингени ушын да бул жерде көплеген жумыслар әмелге асырылды. Өзбекстан ғәрезсизликке ерисиўи менен қабыл етилген халықаралық ҳүжжетлерден бири де Бала ҳуқықлары конвенциясы болган. Өзбекстан ҳүкимети тек ғана мәмлекет ишинде балалардың мәплерин тәмийинлеў емес, ал сырт елде қыйыншылыққа ушыраған балаларды қорғаўға итибар қаратып, оларды мәмлекетке қайтармақта. Қалаберди, ҳәр қыйлы кризислер себепли қыйыншылыққа ушыраған сырт елли балалардың да қорғаўға алынып атырғаны итибарға ылайық.
Форумда Өзбекстан Балалар омбудсманы басқа мәмлекетлердиң Балалар омбудсманлары менен нәтийжели байланысларды избе-из жолға қойғаны атап өтилди. Соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманларының тығыз байланыслары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери нәтийжесинде социаллық аўыр жағдайда болған балаларды сырт елден қайтарыў, баланың бузылған ҳуқықларын тиклеў, балаға социаллық хызметлер көрсетиў ҳәм зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, баланы қәўендерликке бериў ҳәм балалар дус келип атырған усы сыяқлы қыйын жағдайлар бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Бала ҳуқықларын қорғаў тараўында регионда алдынғы мәмлекетлерден болған Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманлары қарым-қатнасы регионаллық платформасын жаратыў басламасын алға қойғанын атап өтиў керек.
Бул форумнан гөзленген тийкарғы мақсет – балаларды қорғаў тараўында конструктив тәжирийбе алмасыў, улыўма машқалаларды оптимал шешиў, регионаллық ҳәм трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша бирден-бир көзқарасларды ислеп шығыў ушын Орайлық Азия мәмлекетлериниң Балалар омбудсманлары арасында қарым-қатнас ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжели регионаллық платформасын жаратыў болып есапланады.
Еки күнлик халықаралық форум шеңберинде бала ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелерине бағышланған пленар сессиялар өткериледи. Әнжуман жуўмағында бала ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қорғаў тараўында Орайлық Азияда регионлараралық және халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманлары форумының Декларациясы қабыл етиледи.
Норгул Абдураимова, ӨзАның хабаршысы