Финанслық технологияларды раўажландырыў илажлары додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев 10-сентябрь күни финанслық технологиялар тараўын раўажландырыў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.
Бүгинги күнде дүньяда финанслық технологиялар базары тез пәт пенен раўажланбақта. Оның көлеми быйыл 300 миллиард доллардан, 2030-жылға барып, 600 миллиард доллардан артыўы күтилмекте.

Елимизде де бул бағдарда үлкен имканиятлар бар. 2018-жылы FinTech кәрханалары 24 болған болса, ҳәзирги күнде 103 ке жеткен. Быйыл жергиликли кәрханаларымыз 260 миллион доллардан аслам сырт ел инвестициясын тартқан. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 4 есеге көп.
Өзбекстан Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде 1 мың стартапты қоллап-қуўатлаў, “Open banking” системасын енгизиў, финанслық технологияларды раўажландырыў бойынша бес жыллық стратегия ислеп шығылатуғыны айтылған еди. Презентацияда жуўапкерлер бул бағдардағы режелер ҳәм усыныслар бойынша мәлимлеме берди.

Стратегияны пуқта ислеп шығыў ушын, бәринен бурын, нормативлик-ҳуқықый база, финанслық технологиялардың ҳәзирги жағдайы, инфраструктура ҳәм кадрлар мәселеси талланбақта. Сингапурлы экспертлер тартылып, халықаралық тәжирийбе үйренилмекте. Усы тийкарда бул тараўдағы миллий принциплер қәлиплестириледи, институционаллық архитектура ҳәм уйымлараралық бирге ислесиў тәртиби белгиленеди. Мақсет турақлы, инклюзив ҳәм бәсекиге шыдамлы финанслық хызметлер экосистемасын жаратыў болып табылады.
Бүгинги күнде финанс базарын жасалма интеллект ҳәм блокчейн технологияларысыз раўажландырыў мүмкин емес. Таллаўларға бола, булар арқалы банклердиң дәраматын 20 процентке, финанслық хызметлердиң көлемин 30 процентке арттырып, қәўип-қәтерлерди 15 процентке азайтыў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы банклердиң технологиялық имканиятларын кеңейтип, санлы хызметлерди көбейтиў бойынша көрсетпе берди.
Тараўда нәтийжелилик нормаларын анықлаў ҳәм басқарыў мақсетинде Орайлық банкте Финтех офисиниң жумысын жолға қойыў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Стартаплардың акселерациясы, жаңа идеялар ҳәм инвестицияларға шараят жаратыў ушын инновациялық хаб шөлкемлестирилиўи мақулланды. Бул илажлар келешекте Өзбекстанның регионаллық финтех орайына айланыўына хызмет етеди.
ӨзА