“Жадидлер гәўҳары” – прогрессив ата-бабаларымыз ҳаққындағы китап

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасында мәнаўият пидайысы, белгили журналист Тўлқин Эшбектиң “Жадидлер гәўҳары” дәстан ҳәм қосықлардан ибарат китабының презентациясы болып өтти.
Илажда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, “Дўстлик” ордениниң ийеси, “Алтын қәлем” Миллий сыйлығының лауреаты, шайыр Тўлқин Эшбектиң дөретиўшилиги ҳәм жаңа китабы ҳаққында жазыўшылар, журналистлер, тарийхшылар, студент-жаслар өз пикирлерин билдирди.
Мәмлекетимизде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында ағартыўшы жадид бабаларымыздың тарийхын, олардың жумысы, өмирин терең таллаў тийкарында үйрениўге үлкен итибар қаратылып атырғаны айрықша атап өтилди.
Бул жуўапкершиликли ҳәм қурамалы процесстеги изертлеў жумысларына тарийхшы илимпазлар, журналистлер, жазыўшы ҳәм шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар, руўхыйлық үгит-нәсиятшылар, оқытыўшылар, архив ҳәм музей қәнигелери, сүўретшилер белсене үлес қоспақта. Кейинги жыллары жадид бабаларымыздың арзыў-нийетлери, аўыр тәғдири ҳаққында жазыўшыларымыз тәрепинен көплеген шығармалар дөретилмекте. Картиналар, сахналық шығармалар, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер исленбекте. Бул шығармалар ағартыўшыларымыздың жумысы, турмыслық умтылысларын барған сайын кеңирек аңлап жетиўимизде үлкен әҳмийетке ийе.
Шығып сөйлегенлер жадидлердиң миллий сана-сезим ҳәм мақтанышты оятыў, азатлық ҳәм ғәрезсизликке ерисиў жолындағы хызметлерин еске алды. Олар Маҳмудхожа Беҳбудий, Абдулқодир Шакурий, Фитрат, Шолпан, Авлоний сыяқлы прогрессив ата-бабаларымыздың жумысына айрықша тоқтап өтип, жадидшилик ҳәрекети миллетимиздиң руўхый ояныўында шексиз орын ийелегенин атап өтти.
– Шебер жазыўшы ҳәм журналист Тўлқин Эшбектиң “Жадидлер гәўҳары” дәстан ҳәм қосықлардан ибарат бул китабы прогрессив ата-бабаларымыздың өмирин терең ҳәм кеңирек үйрениўде айрықша әҳмийетке ийе, – деди белгили шайыр Гулчеҳра Шаҳобиддин қызы. – Бундай көркем шығармалар ғәрезсизлигимизди әрман еткен ҳәм бул жолда жанын аямаған жадид бабаларымыздың өмирин көркем әдебият арқалы ашып береди.
Ҳақыйқатында да, жазыўшы ҳәм журналист Толқын Эшбектиң бул китабында жадидшилик ҳәрекети кең көлемде сәўлелендирилип, жоқары көркемлик талқылаўда ашып берилген.
Жазыўшы, шайыр ҳәм публицисттиң “Жигербентлер”, “Епкин самал ескен күн”, “Аўыл баласы повести”, “Жайдары әңгимелер”, “Адасқан қыз тәғдири”, “Өмир кәрўанлары”, “Самарқанд перзенти”, “Илимпаздың шексиз әлеми”, “Өзбектиң жаманы болмайды”, “Еки әсир адамы”, “Коррупциясыз өмир заўқы”, “Генералдың мәңги жулдызы”, “Бабурдың гәўҳарлары”, “Бухара шариф нуры”, “Ҳаял ҳәм Ай”, “Жадидлер гәўҳары” деп аталған прозалық ҳәм қосық топламлары китапқумарлар қәлбинен орын алған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманына муўапық Тўлқин Эшбек 2019-жылы “Дўстлик” ордени менен сыйлықланған.
Илаж шеңберинде жадидлердиң өмири ҳәм жумысына бағышланған китап-сүўретли көргизбеси де шөлкемлестирилди.
Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы