Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестириледи

95

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында билимлендириў тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

– Бизде 450 мың оқыўшыны қабыл ете алатуғын 598 техникум бар. Бул жаслар ушын оғада үлкен ресурс, шараят ҳәм имканият. Бирақ быйыл 9-классты 608 мың оқыўшы питкерген болса, олардың тек ғана 182 мыңы техникумларға бармақта. Бүгиннен баслап бир жыл жасларды кәсип-өнерге үйретиў жылы болады, – деди Президент.

Жуўапкерлерге ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери менен биргеликте Президент ҳәм қәнигелестирилген мектепте арттырылған тәжирийбе тийкарында усы жылы 598 техникумға халықаралық стандарт бойынша заманагөй кәсипке оқытыў орталығын алып кириў ўазыйпасы қойылды.

Улыўма, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине келеси оқыў жылында 9-класс питкериўшилериниң кеминде 50 процентин, ҳәзиргиге қосымша және 200 мың оқыўшыны техникумға қамтып алыў тапсырылды.

Бул жумысларды бирден-бир сиясат тийкарында алып барыў ушын Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестириледи.

ӨзА