Енди жас категориялары бойынша миллий тәрбия модели жаратылады

84

Кеше Президент жас әўладты тәрбиялаўдың бирден-бир концепциясы менен танысты.

Енди жас категориялары бойынша миллий тәрбия модели жаратылады. Бул арқалы балалар заманагөй компетенцияға ийе қәниге болыў менен бирге миллий қәдириятларға садық инсан болып тәрбияланады.

Буның дәслепки қәдеми сыпатында жаңа оқыў жылынан барлық бақша, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында ҳәр дүйшемби күни “Келешек сааты” сабақлары өткерилмекте.

Улыўмаинсаныйлық, миллий қәдириятлар, ўатансүйиўшилик идеясы, Жаңа Өзбекстандағы реформаларды өзгерип баратырған заман шараятында технология әсири балаларына тереңирек, заманагөй усылларда жеткериў керек екенлиги айтылды.

Сонлықтан, Балалар контентин раўажландырыў орайы Кары Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтының илимпазлары менен биргеликте қызықлы видеороликлер ислеп шығады.

Жаратылған контент “Миллий тәрбия” платформасына турақлы түрде жайластырылады, телеканалларда сәўлелендирилип барылады.

ӨзА