Келеси оқыў жылына шекем мектеп ҳәм бақшалардағы барлық хызметлер толық санлы форматқа өтиўи шәрт екени атап өтилди

82

Бақша ҳәм мектеплердеги 10 нан аслам хызметлер санластырылғаны есабынан тараўда коррупция кескин азайды.

Соның менен бирге, мектеплерге оқыўшыларды қабыл етиў, бақша тәрбияланыўшыларының қатнасы елеге шекем толық санлы платформаға өтпеген.

Мәселен, микроаймақлар анық белгиленбегени ушын 144 райондағы 8 мың мектепте оқыўшылар ескише тәртипте қабыл етилмекте, бақшаларда хызметкерлер табели қағазда жүргизилмекте.

Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем 144 райондағы мектеплердиң микроаймағын анық белгилеў тапсырылды. Келеси оқыў жылына шекем мектеп ҳәм бақшалардағы барлық хызметлер толық санлы форматқа өтиўи шәрт екенлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында билимлендириў тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА