“Жаңа әўлад” бақшалары қурылады

63

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

– Қамтып алыўды арттырыў ушын барлық шараят жаратып берип атырмыз, бирақ бақшаларға жаңа нәпес, жаңа методика кирип келиўи, тәрбияшылардың потенциалы да соған жараса болыўы керек, – деди Президент.

Жаз мәўсиминде 118 мың тәрбияшының қәнигелиги арттырылды, бирақ бул жеткиликли емеслиги атап өтилди.

Сонлықтан, жаңа оқыў жылынан педагогикалық жоқары оқыў орынларында орта арнаўлы мағлыўматлы тәрбияшылар ушын “1+5” (1 күн оқыў, 5 күн жумыс) бакалавр тәлим түри енгизиледи. Бул арқалы бақшаларға ҳәр жылы дерлик 10 мың жоқары мағлыўматлы қәниге кирип келеди.

Жеке меншик бақша менен мәмлекетлик бақша ушын тәлим-тәрбияның сапасы бойынша бирден-бир қатнас жоқ екенлиги көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен келеси жылы ҳәр бир ўәлаятта бақша тәрбияшыларының педагогикалық шеберлигин арттырыўға методикалық жәрдемлесетуғын таяныш “Жаңа әўлад” бақшалары қурылады.

Жуўапкерлерге “Жаңа әўлад” бақша жойбарын ески ҳәм бир түрдеги қатнасықлардан шығып, жаңаша ислеп шығыў тапсырылды.

ӨзА