Көп квартиралы турақ жайлардың биринши қабатында бақша ашқан исбилерменлерге де жеңилликлер бериледи

66

Бир жылда 2 мың көп қабатлы жай қурылмақта, олардың төрттен бири – “Жаңа Өзбекстан” массивлеринде.

Бундай массивлерде жайлардың биринши қабатында 100 орынлық жеке меншик бақша ашыў бойынша Бектемир ҳәм Янгиҳаёт районларында тәжирийбе бар.

Буны барлық район ҳәм қала ҳәкимлери өз аймағында ислеўи керек екенлиги атап өтилди.

Енди ашықтан-ашық сөйлесиўде 80 район ушын айтылған жеңилликлер жаңа көп квартиралы турақ жайлардың биринши қабатында бақша ашқан исбилерменлерге де берилетуғыны белгиленди.

Жуўапкерлерге жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларда бақша шөлкемлестириў тәртибин ислеп шығыў тапсырылды.

ӨзА