Ҳәр бир районда бақшаға қамтып алыў сексен проценттен кем болмаўы шәрт екенлиги белгиленди

63

Исбилерменлер менен ашық пикирлесиўде 80 районда бақша ашыў ушын жеңилликлер жәрияланған еди.

Бул механизмнен үнемли пайдаланып, бақша орынларын көбейтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Қашқадәрьяның барлық районларында жеке меншик сектор ҳәм сырт елли шериклер менен еки жыл ишинде бақша ҳәм мектеп орны 3 есеге артқан. Ўәлаят ҳәкимлерине бул тәжирийбени үйрениў тапсырылды.

Улыўма, ҳәр бир районда бақшаға қамтып алыў 80 проценттен кем болмаўы шәрт екенлиги белгиленди. Оның ушын ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине бос жерлерди таўып, аукционға шығарыў, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте қайсы мектеп ҳәм бақшаларда бос орын болса, бақша қурыў режесин белгилеў ўазыйпасы қойылды.

Жуўапкерлерге бос жерлерде бақша шөлкемлестириў бойынша жеке меншик шериклик ямаса инвестиция киргизиў шәрти менен үш жыллық бағдарлама қабыл етиў, жаңа жеке меншик бақшаларға субсидия бериў, тәрбияшылардың мийнет ҳақысыныӊ бир бөлегин қаплаў тәртибин енгизиў тапсырылды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

 

ӨзА