Келешек тек ғана билимлендириў ҳәм муғаллимге итибардыӊ нәтийжесине байланыслы

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында билимлендириў тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.
– Экономиканың раўажланыўы, елимиз ҳәм перзентлеримиздиң келешеги тек ғана билимлендириў ҳәм муғаллимге байланыслы. Сизлер менен жумыс баслаған биринши күннен айтаман: билимлендириў, билимлендириў, билимлендириў, муғаллим, муғаллим, муғаллим, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Муғаллимге мүнәсип шараят жаратыў, бақша, мектеп қурыў, үскенелеў, шеттен қәниге алып келиў, заманагөй сабақлық ҳәм оқыў бағдарламаларын енгизиў бойынша жүдә көплеген шараятлар жаратылғаны ҳәм бул және де даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
– Бирақ ҳәр бир район, ўәлаят ҳәкими, биз перзентлеримизди исенип тапсырған бақша, мектеп, техникум, жоқары оқыў орынларының басшылары бир ҳақыйқатты анық билиўи зәрүр.
Адамларымыз жақсы жасаўы ушын экономикамыз күшли болыўы керек! Оның ушын жаңа товар, жаңа хызмет, жаңа технология керек! Буларға тек ғана сапалы билимлендириў системасы арқалы ерисе аламыз! Басқа жолымыз жоқ!
Усы ҳақыйқатты аңлап, ҳәр күни өзин қыйнап ислеген басшының районында, бақша, мектеби, техникумы, жоқары оқыў орнында әлбетте өзгерис ҳәм нәтийже болады! – деди Президент.
ӨзА