Өзбекстан ҳәм Канада арасында парламентлераралық бирге ислесиў мәселелери додаланды

128

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Канада Жәмийетшилик палатасындағы “Канада – Өзбекстан” дослық топарының баслығы Зиёд Абуолтаиф басшылығындағы делегация ағзалары менен видеоконференцбайланыс түринде ушырасыў өткерди.

Онда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық байланыслар, экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў мәселелери, билимлендириў, туризм тараўларындағы имканиятлар додаланды.

Парламентлераралық сөйлесиўди және де тереңлестириў мақсетинде еки мәмлекет нызам шығарыўшы уйымларының тийисли комитетлери арасында өз-ара сапарлар ҳәм жыллық мәжилислерди турақлы шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда еки тәреплеме сөйлесиў ҳәм сапар етиўлер жеделлести. Соның менен бирге, саўда айланысын және де арттырыў, аймақлар ҳәм бизнес топарлары арасында тиккелей бирге ислесиўди жолға қойыў, инвестициялық потенциалдан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў перспективалары да додаланып, Канаданың жетекши жоқары оқыў орынлары менен биргеликтеги бағдарламалар ҳәм филиаллар шөлкемлестириў, оқыў-илимий байланысларды раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, еки мәмлекет қала ҳәм аймақлары арасында дослық байланысларын жолға қойыў, өз-ара тәжирийбе ҳәм жойбарлар алмасыўын тәмийинлеўге итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги