Алишер Қадиров: Транспорт министрлиги туризмниң раўажланыўына жеткиликли дәрежеде үлес қоспай атыр

135

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде фракция ағзалары дәслеп Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўын сын көзқарастан таллаў руўхында додалады.

Депутатлар партияның бағдарламалық ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда тәлим-тәрбия, сабақлықлар, мәдений мийрас ҳәм туризм мәселелерине айрықша итибар қаратты. Соның ишинде, билимлендириўге ажыратылған қаржылар жеткиликли дәрежеде өзлестирилмегени мәселеси көтерилди. Мәселен, быйылғы оқыў жылы басланғанына қарамастан, сабақлықлар ушын ажыратылған қаржының тек ғана 75 проценти өзлестирилген. Бул болса улыўма билим бериў мектеплеринде сабақлықлар менен байланыслы машқалаларды пайда етиўи гүмансыз.

Буннан тысқары, бақшаларды китап ҳәм қолланбалар менен тәмийинлеў мәселесине тоқтап өтилди. Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жети мыңға шамалас мәмлекетлик бақшалар бар. Бирақ олар ушын басып шығарылып атырған китаплардың нусқасы 1000 нусқадан аспай атыр. Фракция ағзалары балаларда китап оқыў көнликпеси бақшадан басланатуғынын атап өтип, бул бағдарда министрлик балаларға мөлшерленген китап ҳәм дидактикалық қолланбаларды басып шығарыў ҳәм МШБШларға жеткерип бериў зәрүрлигин атап өтти.

Сондай-ақ, фракция басшысы Алишер Қадиров Транспорт министрлиги жуўапкерлерине “Uzbekistan Аirways”АЖ авиакомпаниясы ҳәм “Өзбекстан темир жоллары” АЖ тәрепинен жолаўшыларға қолайлық жаратыў, билетлерди биймәлел сатып алыў имканиятын жаратыў, туризмниң раўажланыўына үлес қосыў бағдарында қандай илажлар көрилип атырғаны ҳаққында түсиник берди:

– Қашан самолёт ҳәм поездларымызға биймәлел билет сатып алыў имканияты болады? Самолётлар саны қашан көбейтиледи? Елимиздиң тарийхый ҳәм туристлик қалаларына туристлер келмекте, бирақ буның ушын инфраструктура жеткиликли емес. Туристлик қалаларымызға қәлеген ўақытта самолётта кете алыў имканияты жоқ, себеби ҳәр күнлик рейс жоқ. Жолаўшы ағымы көп, бирақ шараят жеткиликсиз.

Транспорт министрлиги туризмниң раўажланыўына жеткиликли дәрежеде үлес қоспай атыр. Бул бағдарда узақ жылға мөлшерленген стратегиясы барлығына да гүманымыз бар.

Буннан тысқары, айырым туристлик объектлерге алып баратуғын транспорт жолларының жағдайы аўыр. Мәселен, көп мың жыллық тарийхқа ийе Сармишсайға баратуғын жол ашынарлы. Бундай машқалаларды сапластырыў туризм имканиятларымызды және де арттырады. Буның ушын Туризм комитети де басламашы болыўы керек, – деди фракция басшысы.

Сондай-ақ, мәжилисте Мәдений мийрас агентлигине ажыратылған қаржылардың 59 проценти өзлестирилгени, музейлердиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў ушын өзлестирилген қаржы болса тек ғана 18 процентти қурағаны айтылып, агентлик ўәкиллеринен түсиник соралды.

Додалаўларда көтерилген барлық сораўлар бойынша тийисли жуўапкерлердиң жуўаплары тыңланды. Бюджеттиң орынланыўында нәтийжелиликти тәмийинлеў, тараўлардағы машқалаларды шешиўде қаржылардан мақсетли пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА