Илимий дәрежели кадрларды таярлаў тәртиплери жетилистириледи

122

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев билимлендириў системасын реформалаў мәселелерине байланыслы презентация менен танысыў процесинде мәлим етилди.

Жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў системасында илимий дәрежели кадрларды таярлаў тәртиплери жетилистириледи. Соның ишинде, докторантураға ажыратылып атырған квоталар мәмлекетти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан келип шығып белгиленеди.

Илимлер академиясының республикада перспективалы илимий бағдарларды раўажландырыў, фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди әмелге асырыў, илимий қолланба нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўдеги орны күшейтиледи.

ӨзА