Билимлендириў системасын раўажландырыў бойынша усыныслар таныстырылды

112

Президент Шавкат Мирзиёев 8-сентябрь күни билимлендириў системасын реформалаў мәселелерине байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде билимлендириўдиң барлық буўынлары избе-из раўажландырылмақта. Жаңа билимлендириў орынлары қурылып ҳәм заманагөй үскенеленип, жаслардың билим алыўына барлық шараят жаратылмақта. Оқыў бағдарламалары жаңаланып, ең алдынғы тәжирийбелер енгизилмекте.

Бирақ бул үзликсиз процесс. Қәбилетли балаларға қәнигелескен билим бериў, жаслардың қызығыўшылықларын қоллап-қуўатлаў, кәсипке бағдарлаў турақлы итибарды талап етеди.

Презентацияда бул бағдардағы режелер ҳәм оларды әмелге асырыў илажлары айтып өтилди.

Бизге белгили, руўхый-ағартыўшылық жумыслар билимлендириўдиң бир бөлеги. Бирақ ҳәзирги ўақытта билимлендириў мәкемелеринде бундай илажларға ҳәр қыйлы қатнас жасалмақта. Жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, олардың қәбилети ҳәм талантын жүзеге шығарыўда тутас система жоқ.

Сонлықтан, балалар бақшасынан жоқары билимлендириўге шекем қамтып алған бирден-бир миллий идея концепциясы ислеп шығылды. Ол руўхый-ағартыўшылық илажлардың үлги режеси болады. Нәтийжеде бундай жумыслар тәртипли ҳәм сапалы шөлкемлестирилип, оқыўшылар артықша илажларға тартылмайды.

Оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, олардың қәбилети ҳәм умтылысын жүзеге шығарыў бойынша да бирден-бир вертикал система енгизиледи. Усы мақсетте “Бәркамал әўлад” балалар мектеби, Республикалық оқыўшы-жаслар орайы ҳәм “Жаслық” денетәрбия ҳәм спорт жәмийети негизинде “Келешек” орайлары шөлкемлестириледи. Оқыўшылардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша мектеп кеңесгөйи лаўазымы енгизиледи.

Кейинги сегиз жылда бақшалардағы орынлардың саны 2,5 миллионға көбейтилип, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 78 процентке жетти. Бул қамтып алыўды арттырыў мақсетинде ҳәр жылы 20 мың орын ашыў режелестирилген.

Оның ушын жаңа көп қабатлы турақ жайлардың қурылысында олардағы халықтың санына сәйкес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң де болыўы нәзерде тутылады. Бақшаларда ислеп атырған орта арнаўлы мағлыўматлы қәнигелер ушын дуал билимлендириў ҳәм маманлық арттырыў системасы енгизиледи.

Мектепке шекемги билимлендириўге қамтылыўы 80 проценттен төмен болған район ҳәм қалаларда жеке меншик сектордың қатнасыўы қоллап-қуўатланады. Атап айтқанда, бақша ҳәм мектеплердиң бос майданларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыўға руқсат бериледи. Исбилерменлерге жумысты өзгертпеў шәрти менен жер участкалары бийпул бериледи ҳәм 7 жылға шекемги жеңиллетилген кредит ажыратылады.

2026-2028-жылларда республиканың 14 аймағында Балаларды раўажландырыў инновациялық орайын өз ишине алған “Жаңа әўлад” мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тармағы шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы экономика тармақларының ҳәзирги ҳәм келешектеги талабынан келип шығып, техника ҳәм инженерлик бағдарларын раўажландырыў ўазыйпасын қойған еди. Соған муўапық, Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасында 14 аймақта инженерлик мектеплери шөлкемлестирилмекте. Бул мектеплерге балалар имтихан тийкарында таңлап алынады ҳәм Мәмлекетлик бюджет есабынан оқытылады. Оларда “Жаңа Өзбекстан” университети ҳәм Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектеп тәжирийбеси тийкарында инженерлик билимлендириў бағдарламасы енгизиледи. Оқыў процеси 5 жыллық бағдарлама тийкарында STEM модели бойынша шөлкемлестириледи.

2026-жылдан баслап, ҳәр жылы улыўма билим бериў мектеплери арасында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын “Алдынғы инженерлик мектеби” миллий таңлаўы өткериледи.

Сондай-ақ, тәбийғый пәнлерди оқытыўды жақсылаў мақсетинде барлық аймақларда қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестириледи. Ташкент қаласындағы Әбиў Әлий ибн Сина атындағы мектеп бул бағдарда таяныш мектеп болып хызмет етеди.

Ташкент қаласында Н.Е.Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университетиниң филиалы, “ToshTech” техника университети ҳәм Алмалық мәмлекетлик техника институты ашылады.

Және бир жаңалық муғаллимшиликке меҳир қойған жасларды хошаметлеўге қаратылған. Ҳәзирги күнге шекем бул тараўда айрықша мәмлекетлик стипендия жоқ еди.

Сонлықтан, быйылғы оқыў жылынан баслап, педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын Абдулла Авлоний атындағы мәмлекетлик стипендия шөлкемлестирилмекте. Стипендия бакалавриаттың 3-4-курслары ушын болады, жасларды оқыў ҳәм илимий излениўлерге ийтермелейди.

Мәжилисте илим ҳәм инновациялар тараўында әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар таныстырылды.

Жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў системасында илимий дәрежели кадрларды таярлаў тәртиплери жетилистириледи. Соның ишинде, докторантураға ажыратылып атырған квоталар мәмлекетти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан келип шығып белгиленеди.

Илимлер академиясының республикада перспективалы илимий бағдарларды раўажландырыў, фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди әмелге асырыў, илимий қолланба нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўдеги орны күшейтиледи.

Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, тийисли ҳүжжетлерге қол қойды. Олардағы ўазыйпалардың орынланыўын системалы ҳәм сапалы тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА