Tesla Маскқа мисли көрилмеген төлем усыныс етпекте

Америкалы исбилермен Маскқа бир триллион доллар төленеди, деп жазды “Блумберг” агентлиги.
“Tesla Inc.” бас директоры Илон Маскка баҳасы шама менен бир триллион долларға тең жаңа шәртнама усыныс етти, – делинеди басылым хабарында. – Бул корпоратив тек ғана Америка емес, ал пүткил дүньяда мисли көрилмеген үлкен пакет.
Айтпақшы, бул пулды толық алыў ушын миллиардер және бир неше мақсетлерге ерисиўи керек: бириншиси, “Tesla ” ның өсип баратырған роботоакси бизнесин кеңейтиў ҳәм компанияның базар баҳасын кеминде 8,5 триллион долларға жеткериў.
Соның нәтийжесинде исбилермен компания үстинен қадағалаўды күшейтип, қосымша финанслық пайда алыўы да мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги