Әҳмийетли мәселелер  көрип шығылып, ўазыйпалар белгиленди

139

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Илажда фракция депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымлары ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша комитетиниң ўәкиллери, ӨзЛиДеПтиң республикалық ҳәм аймақлық дәрежедеги басшылары, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары және қалалық ҳәм районлық кеңеслери аппаратларының ўәкиллери тиккелей және “Зоом” форматында қатнасты. Мәжилисте халықтың турмысын жақсылаў, жергиликли басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм  жәмийетлик сиясатты раўажландырыўға қаратылған төрт тийкарғы мәселе додаланды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарлары көрип шығылды. Жергиликли өзин-өзи басқарыў мәселелери комитетиниң баслығы Ш.Отемисов баянат жасап, онда нызамшылық базасын регионның жаңа социаллық-экономикалық машқалаларын есапқа алған ҳалда бейимлестириў зәрүрлигине толық тоқтап өтти. Муниципал районларды өз имаратлары менен тәмийинлеў мәселеси де додаланды. Беруний районы ҳәкими И.Хидиров өзиниң инфраструктурасына ийе болмаған мәҳәллелерди имаратлар менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында есабат берди. Бул ўазыйпаны әмелге асырыў системалы түрде алып барылып атырғаны, ол басқарыўдың сапасын жақсылаў ҳәм халыққа хызмет көрсетиўдиң қолайлығын арттырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 6-августтағы “Мәҳәллелерде халықтың машқалаларын анықлаў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы  қарарының орынланыўына айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Мәҳәллелер ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов “Санлы мәҳәлле” платформасын – мәҳәллелер дәрежесинде социаллық машқалаларды мониторинг ҳәм таллаўдың бирден-бир системасын енгизиў процеси ҳаққында айтып берди. Оның сөзлерине бола, платформа әлле қашан 34 мыңнан аслам жумыссызларды қамтып алған, пуқаралардың мүрәжатларына жедел жуўап бериў имканиятын беретуғын кең көлемли мағлыўматлар топланбақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 7-марттағы “Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы  қарарының орынланыўы мәжилистиң ең әҳмийетли темасы болды.  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша секретариат баслығы Б.Айымбетова  исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққында есабат берди. Бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бағдарламаларын жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Мәжилис жанлы пикирлесиў түринде болып, онда қатнасыўшылар аймақтың әҳмийетли машқалалары бойынша пикир алысты ҳәм сораўлар берди. Халықты қоллап-қуўатлаўға системалы қатнас жасаў, жергиликли басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, бизнести, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында турақлы раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Додалаўлар жуўмағында көрип шығылған мәселелерди буннан былай да нызамшылықта беккемлеў ҳәм орынланыўын қадағалаў ушын Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясының күн тәртибине киргизиў ҳаққында қарарлар қабыл етилди.

Республикада ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў тараўындағы жетискенликлер ҳаққындағы толық есабат мәжилистиң әҳмийетли бөлеги болды. 2025-жылғы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 46 мыңнан аслам ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген болып, олардың 63 проценттен асламы 2025-жылдың май айына шекем жумыс пенен тәмийинленген. Түрли мәмлекетлик уйымлар ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен исбилермен ҳаял-қызларға кредитлер ажыратылып, финанслық жақтан қоллап-қуўатланбақта.

Тек ғана 2025-жылдың биринши ярымында банклер тәрепинен 660 тан аслам ҳаял-қызға 59 миллиард сумнан артық кепилликли кредитлер ажыратылды. Исбилерменлер көнликпелери ҳәм IT компетенцияларды раўажландырыў бойынша қәнигелестирилген бағдарламалар ҳаял-қзларды кәсип-өнерге оқытыўға үлкен үлес қоспақта. Бул тараўдағы таярлық режесиниң 100 процентке орынланыўы менен тастыйықланады. Жумыссызлық дәрежеси ең жоқары болған саймақлар, атап айтқанда, Беруний ҳәм Нөкис районларына айрықша итибар қаратылып, оларда ҳаял-қызлардың маманлығын арттырыў ҳәм мийнетке тартыў бойынша мақсетли илажлар әмелге асырылмақта.





Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясының мәжилиси аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, ҳаял-қызлардың экономикадағы ролин күшейтиў, жергиликли ҳәкимият уйымларының жумысына заманагөй санлы технологияларды енгизиў мәселелерин додалаўда  әҳмийетли майданға айланды.

 

Амангул ЕСЕМУРАТОВА,

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси  Жәмийетшилик пенен байланыслар, мәлимлеме сиясаты ҳәм идеологиялық ислер бөлими баслығы