Өзбекстан паспорты дүнья жүзи рейтингинде 72-орынды ийеледи

105

Халықаралық ҳаўа транспорты ассоциациясы мағлыўматлары тийкарында дүзилген ҳәм пуқаралар визасыз кириўи мүмкин болған мәмлекетлер санын көрсететуғын Henley паспорт индексинде Өзбекстан паспорты 72-орынды ийеледи. Бир жылда мәмлекетимиз көрсеткиши 8 текшеге жақсыланған.

Рейтингке бола, өзбекстанлылар 62 мәмлекетке визасыз кириў ҳуқықына ийе.

Пуқаралары 193 мәмлекетке визасыз кириўи мүмкин болған Сингапур рейтингте биринши орынды ийеледи. Оннан кейинги орынды Япония ҳәм Қубла Корея паспортлары ийеледи. Бул мәмлекетлердиң пуқаралары 190 мәмлекетке визасыз кириўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги