Суў шешеги кеселлиги: глобал айрықша жағдай бийкар етиледи

106

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бас директоры Тедрос Адханом Гебрейесустың мәлим етиўинше, суў шешеги кеселлиги енди глобал денсаўлықты сақлаў ушын айрықша жағдай емес.

– Бир жылдан көбирек ўақыт алдын, айрықша комитеттиң мәсләҳәтине бола, Африкада суў шешеги кеселлиги – “mpox” тарқалыўына байланыслы халықаралық тәшўишке себеп болған денсаўлықты сақлаў бойынша айрықша жағдай жәрияланған еди,-деди ол жума күни болып өткен баспасөз әнжуманында. – Пийшемби күни комитет бул жағдайды бийкарлаўға келисти.

Атап өтилиўинше, қарар Конго Демократиялық Республикасы ҳәм басқа жәбирленген мәмлекетлер, соның ишинде, Бурунди, Сьерра-Леоне ҳәм Угандада кеселлениў ҳәм өлим жағдайының турақлы азайыўы менен байланыслы. Қалаберди, қәнигелер вирустың жуғыў жоллары ҳәм қәўип факторларын жақсырақ түсинип алды.

Февраль айының ақырында ЖДСШ суў шешеги кеселлиги эпидемиясын еле халықаралық әҳмийетке ийе айрықша жағдай, деп жәриялаған еди. Структураның мағлыўматына бола, 2025-жыл 23-февраль жағдайына бола, дүньяның 100 ден аслам мәмлекети ҳәм регионында 127 905 инфекция тастыйықланған, 283 өлим жағдайы дизимге алынған. Сийрек ушырасатуғын бул вируслы кеселлик иммунитети төмен адамлар ушын қәўипли. Кеселлик температура, интоксикация, лимфа түйини үлкейиўи ҳәм кейин ала таспа тарқалыўы көринисинде көзге тасланады. Дәслеп көбикшелерге айланатуғын дақ пайда болады. Жарылғаннан кейин жараға айланатуғын көбикшениң орнында тыртық қалады.

С.Раҳимов, ӨзА