Өзбекстан ҳәм АҚШ жетекшилери телефон арқалы сөйлести: Стратегиялық шерикликти және де кеңейтиўге келисип алды

92

5-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери толық көрип шығылды.

Сөйлесиў алдынан АҚШ Президенти соңғы жылларда Жаңа Өзбекстанда экономиканы модернизациялаў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформаларды жоқары баҳалады ҳәм қоллап-қуўатлады.

Мәмлекетимиз басшысы, өз гезегинде, Президент Дональд Трампты АҚШ ҳәкимшилиги алып барып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясаттың үлкен нәтийжелери менен қызғын қутлықлады. Америка тәрепиниң халықаралық ҳәм регионаллық келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, глобал қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қосып атырған үлеси ҳәм ҳәрекетлери айрықша атап өтилди.

Еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Тийкарғы тармақларда бизнес кооперациясы жойбарларын алға қойыў ҳәм саўда келисимлериниң көлемин түп-тийкарынан арттырыў мәселелери көрип шығылды.

Соңғы жыллары өз-ара саўда көрсеткишлериниң турақлы өсиўи бақланып атырғанын атап өтиў керек. 2024-жылы товар алмасыў 15 процентке артты.

Перспективалы кооперациялық жойбарлар портфели пуқаралық авиация, әҳмийетли минерал ресурслар, электротехника санааты, энергетика, аўыл хожалығы, санлы технологиялар, қаржы, инновациялар, билимлендириў ҳәм көплеген басқа да бағдарларды қамтып алған.

Усы айда АҚШтың жетекши компания ҳәм шөлкемлери менен узақ мүддетли ҳәм турақлы шериклик байланысларын жолға қойыў мақсетинде бир қатар еки тәреплеме ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилетуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, қәўипсизлик тараўында, бәринен бурын, терроризм, экстремизм ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў бағдарында нәтийжели бирге ислесип келинбекте.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте. Ташкентте АҚШтың жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиаллары табыслы жумыс алып бармақта.

Келеси жылы АҚШта болып өтетуғын футбол бойынша жәҳән чемпионатында Өзбекстан миллий сайланды командасы биринши мәрте қатнасатуғыны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. АҚШ жетекшиси футбол сайланды командамызға шын кеўилден әўмет тиледи.

Телефон арқалы сөйлесиў ўақтында мәмлекет басшылары әҳмийетли халықаралық мәселелер, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШтың “С5+1” форматындағы регионаллық бирге ислесиўин тереңлестириў бойынша да пикир алысты.

Мәмлекетимиз басшысы Президент Дональд Трампты өзи ушын қолайлы мүддетте Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.

Әмелий бирге ислесиў бойынша жойбар ҳәм бағдарламаларды алға қойыў мақсетинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамптың телефон арқалы сөйлесиўи ашық, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА