НМПИде жаңа оқыў жылы басланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2025-2026-оқыў жылының ашылыўына арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ўәкиллери, нураный устазлар, институт жәмәәти, быйылғы оқыў жылында оқыўға усыныс етилген студент-жаслар ҳәм олардың ата-аналары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда институт ректоры Алишер Уббиев қатнасыўшыларды ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамы, сондай-ақ, жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, жаңа оқыў жылының басланыўы – билимлендириў процеси менен бирге, жәмийетлик турмысымыздағы үлкен әҳмийетке ийе болған, жасларымызды жаңа мақсетлерге қарай бағдарлайтуғын ўақыя болып есапланады.
Ғәрезсиз мәмлекетимизде жаслар тәлим-тәрбиясына, илимниң раўажланыўына қаратылып атырған жоқары итибар бүгин тараў қәнигелериниң алдына үлкен жуўапкершилик жүклемекте. Президентимиздиң ғамқорлығы менен жаратылып атырған кең имканиятлар нәтийжесинде институтта да заманагөй билимлендириў орталығын қәлиплестириў, жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың басламалары ҳәм идеяларын әмелге асырыў ушын барлық шараятлар жаратылмақта.
Атап айтқанда, өткен жылы институттың заманагөй шараятларға ийе болған жаңа оқыў имараты пайдаланыўға тапсырылған болса, быйылғы жылы 500 орынға мөлшерленген 3-санлы студентлер турақ жайы, заманагөй спорт комплекси, футбол, жеңил атлетика ҳәм баскетбол ушын арналған көп функциялы спорт майданының пайдаланыўға тапсырылыўыертеңги келешек ийелериниң илим-билим сырларын терең меңгериўи, физикалық, ҳәм интеллектуаллық жақтан жетик әўлад болып жетисиўи ушын хызмет етери сөзсиз.
Республикамыздағы туңғыш жоқары оқыў орны есапланған педагогикалық институтта оқыўды нийет еткен елимиздиң он мыңлаған жаслары арасынан быйылғы жылы бакалавриаттың күндизги ҳәм кешки тәлим бағдарларына еки мыңнан аслам, ал магистратура қәнигеликлерине еки жүзге шамалас жаслар оқыўға усыныс етилди.
– Бүгин мениң өмиримдеги ең умытылмас күнлердиң бири. Өйткени, мен усы институттың толық ағзасына айландым,- дейди усындай бахтияр жаслардың бири Гүлбәҳәр Юсупбекова.- Бул дәргай республикамыздағы ең ири илим ҳәм ағартыўшылық орайы, жаслардың әрманларын әмелге асырыўга тийкар жарататуғын оқыў орынларының бири болып есапланады. Мен 7 жылдан берли Жаслар аўқамы системасында сәрдар болып жумыс ислеп атырман. Усы бағдардағы үлгили жумысларым себепли, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 914-санлы қарары тийкарында институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилдим. Бул жоқары оқыў орнында Өзбекстан Қаҳарманлары, академиклер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер жетисип шығып, халқымызға хызмет еткен. Мен де олардың жолын үлги тутып, усы оқыў орнында оқыўды мақсет еткен едим. Бүгин өз мақсетиме еристим. Әлбетте, институтта билим ҳәм көнликпелеримди буннан былай да жетилистирип, келешекте мәмлекетимиздиң билимлендириў тараўының раўажланыўына өз үлесимди қосыў нийетиндемен.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары Айбек Дәўлетбаев, институтқа ҳүкиметлик қарарлар менен жеңилликли түрде мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилген жаслар сөзге шығып, елимизде жаслардың жоқары билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, илим менен шуғылланып, өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўы бағдарында жаратылып атырған шараятларды атап өтти ҳәм мәмлекетимиз басшыларына, институт жәмәәтине өз миннетдаршылықларын билдирди.

Соңынан институтта жаңа оқыў жылы «Ғәрезсизлик сабақлары» ҳәм «Танысыў ҳәптелиги» менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги