Өзбекстан Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлер аралық кеңеске ағза болды

Өзбекстан Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлераралық кеңесин дүзиў ҳаққындағы келисимге рәсмий түрде қосылды, деп хабар бермекте “Дунё” МА.
ҒМДА Атқарыў комитетиниң мағлыўматына бола, Өзбекстан тәрепи республика ушын 2025-жыл 31-августта күшке кирген 2013-жыл 25-октябрьдеги Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлераралық кеңести шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қосылыў бойынша зәрүр тәртип-қағыйдаларды жуўмақлады.
ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң коррупцияға қарсы муўапықластырылған ҳәм биргеликтеги жумысы жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бөлеги болып, бул тек ғана тийисли трансшегаралық қәўип-қәтерлерге нәтийжели жуўап бериў емес, ал нызамшылық базасын жетилистириў, бул тараўда турақлы тәжирийбе алмасыў, тийисли қәнигелердиң кәсиплик таярлық дәрежесин арттырыўда өз-ара бирге ислесиў имканиятын береди.
Өзбекстан басшылығы коррупцияның ҳәр қандай көринислерине қарсы гүресиўге үлкен итибар қаратады. Өзбекстанның бул Келисимге қосылыўы пүткиллей тәбийғый жағдай болып, мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясат тараўларында избе-из ҳәм маўасасыз коррупцияға қарсы гүресиў сиясатының логикалық даўамы болып есапланады.
Өзбекстан БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 2003-жыл 31-октябрьде қабыл етилген Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Коррупцияға қарсы конвенциясына 2008-жылы қосылғанын атап өтиў керек. Бирге ислесиў шеңберинде Өзбекстанның ҳуқық-қорғаў ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлары да бул тараўда барлық мәпдар тәреплер менен нәтийжели бирге ислесип келмекте.
Армения, Беларусь, Қырғызстан ҳәм Россия Бас прокурорлары және Қазақстан ҳәм Тәжикстан коррупцияға қарсы гүресиўге қәнигелескен уйымларының басшылары Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлераралық кеңестиң ағзалары болып есапланады. ҒМДА Атқарыў комитетиниң ўәкили ҳәм Кеңес Секретариатының басшысы да мәсләҳәт даўысы ҳуқықына ийе Кеңес ағзалары есапланады.
2015-жылдан берли Кеңестиң 9 мәжилиси өткерилди. Өз жумысы даўамында Кеңес бир қатар стратегиялық ҳүжжетлерди таярлап, ҒМДА жоқары уйымларының көрип шығыўы ушын усынды. ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң 2017-жыл 11-октябрьдеги қарары менен тастыйықланған ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў концепциясы мине, усы бағдарда әмелге асырылып атырған дерлик барлық жумыслардың тийкарында ең әҳмийетлилерден бири болып есапланады.
Концепцияны ислеп шығыўда 2022-жыл 14-октябрьдеги ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўи ҳаққындағы Келисим ислеп шығылды, келисип алынды ҳәм қол қойылды. Дослық Аўқамына ағза басқа алты мәмлекет пенен бир қатарда усы Келисимге Өзбекстан Республикасы да қол қойды.
Ҳәр жылы Кеңес мәжилислеринде коррупцияға қарсы гүресиўдиң көплеген әҳмийетли мәселелери додаланады.
2025-жыл 3-октябрьде Ереванда Өзбекстан ўәкили биринши мәрте толық ағза сыпатында қатнасатуғын Кеңестиң гезектеги мәжилиси болып өтеди. Кеңеске басшылық етиў Тәжикстаннан Арменияға өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги