Ўатанға садық ҳәм пидайы, қәлби пәк инсанларды халқымыз ҳеш қашан умытпайды

Ўатанның раўажланыўы, елдиң абаданлығы, жас әўладтың камалға келиўи жолындағы жақсылық, жарқын еслеў арқалы еске алынады. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, шығыстаныўшы илимпаз, шебер педагог ҳәм дипломат Рустам Қосимовтың естелигине бағышлап “Өзбекстан” баспасында басып шығарылған «Рустам Қосимов заманласлары еске түсириўлеринде» китабының презентация мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң “Жыллар өтеди, бирақ Рустам Қосимовтай Ўатанға садық ҳәм пидайы, кеўли пәк инсанларды халқымыз ҳеш қашан умытпайды”, деген сөзлери әнжуманның мақсет-мазмунын белгилеп берди.
Егер тири болғанда Рустам Қосимов быйыл қутлы 70 жасын қарсы алар еди. Усы қутлы сәне қарсаңында басып шығарылған «Рустам Қосимов заманласлары еске түсириўинде» атамасындағы бул топламнан белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, сенатор ҳәм депутатлар, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери, шайыр ҳәм жазыўшылар, илимпаздың жақын дослары, кәсиплеслери ҳәм шәкиртлериниң еске алыўлары орын алған.
Еске түсириўлерде Рустам Қосимовтың ибратлы өмир жолы, нәтийжели жәмийетлик жумысы, бийтәкирар инсаныйлық пазыйлетлери, ана журтқа шын перзентлик муҳаббаты, талапшаң ҳәм жанкүйер устаз-тәрбияшы сыпатында онлаған шәкиртлерине көрсеткен меҳир-итибары ҳәм ғамқорлықлары жарқын турмыслық ўақыялар арқалы ашып берилген болып, китап қаҳарманы камалға келген шаңарақлық ҳәм жәмийетлик-руўхый орталықты ҳәр тәреплеме сәўлелендириўи менен үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе.
Илажда Рустам Қосимовтың елимиз алдындағы көп жыллық жемисли мийнетлери, әмелге асырған ийгиликли ҳәм саўаплы жумыслары, гөззал инсаныйлық пазыйлетлери атап өтилди.
Бизге белгили, ғәрезсизлик байрамы алдынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына бола марҳум Рустам Қосимов “Фидокорона хизматлари учун” ордени менен сыйлықланды.
Илажда шығып сөйлеген илимпаздың өмирлик жолдасы Дилбар Тиллаева бул жоқары итибар ушын мәмлекетимиз басшысына және бир мәрте миннетдаршылық билдирди.
Н.Усмонова, ӨзАның хабаршысы