Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

151

4-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Оныншы жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнин сенаторлар “Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ҳаққында”ғы нызамды додалаўдан баслады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, корпоратив қатнасықларды раўажландырыў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Додалаў даўамында итибар жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң жумысын тәртипке салатуғын нормаларды системаластырыў ҳәм бирдей етиў және сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, оларды толықтырыў зәрүр екенлигине қаратылды.

Бул нызамда жәмийеттиң филиаллары ҳәм ўәкилханаларын, филиал және сыңар хожалық жәмийетлерин ашыў тәртиби, жәмийет қатнасыўшылары арасындағы келиспеўшиликли жағдайды шешиў және жәмийеттиң улыўма жыйналысы протоколының нусқаларын қатнасыўшыларға жеткериў мәселелери өз көринисин тапқан. Буннан тысқары, жәмийеттиң бақлаў кеңеси ағзаларын сайлаў тәртиби ҳәм жәмийеттиң жеке басшылық тийкарындағы атқарыў уйымы (директор) ның ҳәм коллегиал атқарыў уйымларының миннетлемелери де нәзерде тутылмақта.

Нызам менен жәмийет тек ғана лицензия емес, ал руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер тийкарында ямаса хабардар етиў тәртибинде белгили бир жумыс түрлери менен шуғылланыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте. Жәмийет қатнасыўшыларына өзлериниң корпоративлик ҳуқықларын әмелге асырыў ҳаққында корпоратив шәртнамалар дүзиў сыяқлы бир қатар ҳуқықлар берилиўи нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, жәмийет бақлаў кеңесиниң қарарларын сырттан даўыс бериў ҳәм бақлаў кеңеси ағзаларын сайлаў тәртиби, бақлаў кеңесиниң ўәкилликлери және азшылық қатнасыўшылар комитетин шөлкемлестириўге байланыслы қағыйда беккемленбекте.

Мәжилисте жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң жумысына заманагөй корпоративлик басқарыў системасын енгизиў, олардың жумысын тәртипке салатуғын нызам ҳүжжетлериндеги ҳуқықый бослықларды сапластырыў ҳәм жәмийет қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул нызам жәмийет қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң кепилликлерин буннан былай да беккемлейтуғынын, олардың үлеслери алдаў ҳәм алдаўшылық жолы менен өзлестирилиўине жол қоймаў ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, нызам жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылар менен алып барылып атырған тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, олардың шаңарақ ҳәм жәмийеттен шетлеп қалыўының алдын алыў, китап оқыўды хошаметлеў арқалы нызамға бойсыныўшы, руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларды қәлиплестириўге қаратылған.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал ҳәм Жынаят-орынлаў кодекслерине қамақтағылардың жазаны өтеў мүддети олардың дүзелиў жолына өткенлиги мүнәсибети менен қысқартылыўын нәзерде тутыўшы қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, Жынаят кодекси жазаны өтеў мүддетин шахстың дүзелиў жолына өткенлиги мүнәсибети менен қысқартыўды нәзерде тутатуғын 741-статья менен толықтырылмақта.

Онда қамақтағылар тәрепинен Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен тастыйықланған, қамақтағыларда дурыс руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларды қәлиплестириўге қаратылған әдебиятлар дизиминдеги китапларды оқыса ҳәм усы китапларды оқығанлығы ҳаққындағы факт тастыйықланған жағдайда жазаны өтеў мүддети ҳәр бир оқылған китап ушын үш күнге, бирақ бир жылда көби менен отыз күнге шекем Комиссияның жуўмағына тийкарланып суд тәрепинен қысқартылыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Бул  норма тек ғана жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилиўи нәзерде тутылған (өмирлик еркинен айырыўға ҳүким етилгенлерден тысқары) шахсларға қолланылыўы белгиленбекте.

Нызамшылыққа киргизилип атырған бул өзгерислер бүгинги күнде жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған 13,5 мыңнан аслам қамақтағыларға қолланылады.

Соның менен бирге, нызам менен “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында”ғы нызамға да профилактикалық есапқа алыў тийкарларының оптималластырылыўын ҳәм профилактикалық есапқа алынатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық түрлери олардың социаллық қәўиплилик дәрежеси, өзгешелиги, келешекте жынайый қылмыс ислеў мүмкин екенлиги сыяқлы нормалардан келип шыққан ҳалда белгиленетуғын өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 12810 ҳәм 131-статьяларында нәзерде тутылған, яғный жол ҳуқықбузарлығы ҳәм транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарғаны ушын исленген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын суд тәрепинен белгили бир мүддетке транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахсларды профилактикалық есапқа алыў айрықша категория сыпатында белгиленбекте.

2024-жылы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған 11 мыңға шамалас шахс тәрепинен 23 582 жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайлары анықланған. Буның ақыбетинде 1 019 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берип, онда 295 пуқара қайтыс болған ҳәм 873 пуқара жарақатланған.

Сол себепли жол-патруль хызмети хызметкерлерине профилактика инспекторлары тәрепинен жәрдемлесиў әмелияты жолға қойылады ҳәм бул арқалы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң ерте алдын алыў ҳәм өз ўақтында анықлаў имканиятлары кеңейтиледи.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи қамақтағыларды әдеп-икрамлылық жақтан дүзетиў, оларда жәмийетлик қағыйдалар менен дәстүрлерге ҳүрметти қәлиплестириў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға, профилактикалық есапқа алынған шахслар менен алып барылатуғын илажларды буннан былай да жетилистириў арқалы елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиўге ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам да додаланды.

Додалаў ўақтында бул нызам халықтың социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиў мақсетинде ислеп шығылғаны атап өтилди. Онда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың әмел етиўи, қамсызландырыў ҳәдийсеси, қамсызландырылған шахстың, қамсызландырыўшының, қамсызланыўшының ҳуқық ҳәм миннетлемелери беккемленген.

Нызамда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қаржыларының дәреклери, қамсызландырыў төлеми ставкасы, қамсызландырыў төлемлерин төлеўшилер, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың финанслық турақлылығының мәмлекетлик кепилликлери, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм әмелге асырыў сыяқлы бир қатар мәселелер нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен бул нызамның айырым нормаларын қайта көрип шығыў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Атап айтқанда, нызамда ўәкилликли уйымның ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары ашып берилмеген.

Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен нызамда оннан аслам силтеме нормалар бар екенлигине итибар қаратылды. Бул болса нызамның тиккелей әмел етиўине унамсыз тәсир көрсетиўине алып келетуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, нызам қабыл етилиўи нәтийжесинде әмелдеги нызамларға өзгерислер киргизиў мәселеси нызамда нәзерде тутылмаған.

Сенаторлар бул кемшиликлерди сапластырыў зәрүрлиги ҳаққында өз усынысларын билдирди.

Додалаў нәтийжелери бойынша нызам сенаторлар тәрепинен бийкар етилди.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Бизге белгили, мәмлекетимизде соңғы жыллары физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылмақта.

Норма дөретиўшилиги жумысында ҳуқықый бослықларды толтырыў бойынша анық илажлар белгиленген ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының бирдейлигин тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Соның менен бирге, сенаторлар ҳуқықты қолланыўда бирден-бир әмелиятты тәмийинлеўге тосқынлық етиўши, коррупциялық қәўип-қәтерлерди келтирип шығаратуғын және халық ҳәм исбилерменлердиң артықша сергиздан болыўына себеп болған айырым нормаларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыў зәрүрлиги жүзеге келип атырғанлығын айрықша атап өтти.

Бул нызам менен 12 нызам ҳүжжетлерине, атап айтқанда, “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы, “Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында”ғы, “Билимлендириў ҳаққында”ғы, “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамлары ҳәм Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылған.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул нызам физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыўға хызмет ететуғынына итибар қаратты.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң жалпы мәжилисте “Кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Сенаторлар тәрепинен бул нызамды қабыл етиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, реформалар процесинде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң орынланыўын санластырыў, инсан факторын азайтыў, суд ҳүжжетлерин орынлаўдан ҳәр қандай бас тартыўдың алдын алыў, пуқаралардың мүлки ҳәм пул қаржыларының қол қатылмаслығын кепиллеўге қаратылған нызам ҳүжжетлерин жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул нызамда орынлаў ҳүжжетлери тийкарында аукцион саўдаларында сатылмаған мүлк өндириўшиге натура түринде өткерилип атырғанда дизимнен өткериўши уйым тәрепинен қойылған барлық қадаған етиўлер мәмлекетлик орынлаўшының қарары тийкарында бийкар етилиўи белгиленбекте. Онда мәмлекетлик орынлаўшының қарары мүлкти қадағалаўсыз мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын тийкар болыўы беккемленбекте.

Нызамды ислеп шығыўда бир қатар алдынғы мәмлекетлердиң нызамшылық тәжирийбеси үйренилгени ҳәм есапқа алынғаны атап өтилди.

Нызам кредиторлардың гиреўге қойылған мүлкке болған ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеўге, мүлкке қойылған тәмийинлеўши илажлар мәмлекетлик орынлаўшының қарарлары тийкарында бийкар етилиўине, кредит шөлкемлериниң машқалалы активлер үлесин азайтыўға және физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықларын нәтийжели қорғаўға хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң Сенаттың жалпы мәжилисинде “Базар реформалары ҳәм Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесслери және де жеделлестирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам қызғын додаланды.

Өзбекстан Республикасының ЖСШға ағза болыўы шеңберинде миллий нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми келисимлерине бейимлестириў шөлкемге ағза болыўдың тийкарғы шәртлеринен бири болып есапланады.

Усы нызам менен “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы нызамға қара ҳәм реңли металл бөлеклерин ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў, реализациялаў және тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыў жумысын лицензиялаў тәртибин енгизиўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға қара ҳәм реңли металл бөлекшелерин ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў, реализациялаў және тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы бойынша жумысты әмелге асырыў ушын лицензия алыўға мәмлекетлик бажы муғдарларын белгилеў менен байланыслы қосымшалар киргизилмекте.

Додалаў процесинде сенаторлар бул нызам қара ҳәм реңли металл бөлекшелери ҳәм шығындылары және тәбийғый газ саўдасы тараўына жеке меншик секторды ҳәм жаңа инновациялар менен инвестицияларды тартыўға, сондай-ақ, бәсеки ҳәм ашық базар орталығын жаратыўға хызмет ететуғыны ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде билимлендириўдиң сапасын және де жақсылаў, халықтың барлық қатламларының билим алыўға болған конституциялық кепилликлерин толық жүзеге шыгарыў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, бул нызам да усы реформалардың логикалық даўамы сыпатында ислеп шығылған болып, бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалалардың алдын алыўға қаратылған.

Нызам менен киргизилип атырған тийкарғы өзгерис соннан ибарат, “мектептен тысқары билимлендириў” атамасы алдынғы халықаралық талапларға муўапық “қосымша билимлендириў” атамасы менен алмастырылмақта.

Сондай-ақ, “қосымша билимлендириў” атамасына анықлама берилип, ол балалар ушын қосымша билимлендириў ҳәм үлкен жастағылар ушын қосымша билимлендириў түрлерине ажыратылмақта.

Буннан тысқары, мәмлекетлик қосымша билимлендириў мәкемелери билимлендириў тараўындағы республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен келисилген ҳалда шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылмақта. Оунда балалар ушын мәмлекетлик емес қосымша билимлендириў жумысы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигин, үлкен жастағылар ушын болса Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигин хабардар етиў арқалы әмелге асырылады.

Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен бул нызамның қабыл етилиўи билимлендириў түрлери бойынша ҳуқықты қолланыў әмелиятында муўапықласпаған жағдайларды сапластырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейинги жыллары елимизде баспа жумысы тараўын жетилистириўге, сапалы әдебиятларды басып шығарыўды қоллап-қуўатлаўға, китапқумарлық мәдениятын ғалаба ен жайдырыўға қаратылған избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Сенаттың оныншы жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен додаланған “Баспа жумысы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам да мине, усы реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.

Соңғы 4 жылда елимизде баспалардың саны 3,5 есеге көбейип, 590 ға жетти, соннан 90 процентин (531 и) жеке меншик баспалар қурамақта.

Бүгинги күнге келип баспалардың өндирислик қуўатлылығы 2 есеге артып, ҳәр жылы орташа 11 мың атамада 40 миллион нусқада әдебиятлар басып шығарылмақта.

Тараўды раўажландырыў мақсетинде 25 миллион доллар муғдарында тиккелей инвестициялар киргизилген. Сондай-ақ, 2025-жыл 1-январьдан баслап баспа кәрханалары пайда салығын төлеўден 5 жыл мүддетке азат етилди.

Соның менен бирге, тараўда пайда болып атырған жаңа жәмийетлик қатнасықлар, алып барылған үйрениўлердиң нәтийжелери “Баспа жумысы ҳаққында”ғы нызамның айырым нормаларын жетилистириў зәрүрлигиниң бар екенлигин көрсетпекте.

Соңғы ўақытлары басып шығарылып атырған китапларда балалардың жас өзгешеликлерине сәйкес келмейтуғын ҳәм санасына унамсыз тәсир көрсететуғын мәлимлемелер сәўлеленгени, айырымлары әмелдеги мәмлекетлик стандартлардың талапларына сәйкес келмейтуғыны, тарийхый фактлер надурыс тәризде берилгени, анық емес ҳәм илимий дәлилленбеген мағлыўматлар баян етилгени анықланған.

Бул нызам “Баспа жумысы ҳаққында”ғы нызамға басылым бас редакторының ҳуқықый статусын белгилеўге, китапқумарлық мәдениятын хошаметлеўге қаратылған дүзетиўлер киргизиўди нәзерде тутады.

Нызамда бас редактор баспа редакциясының дөретиўшилик жумысына басшылық етиўи, баспалардың тематикалық режелери ислеп шығылыўы ҳәм басылымлардың нызамшылық талапларына, баспа жумысы тараўындағы техникалық регламентлер (миллий стандартлар) талапларына муўапық таярланыўы ушын жуўапкер екенлиги белгиленбекте.

Ендигиден былай бас редактор лаўазымына жоқары мағлыўматқа ҳәм баспа жумысында кеминде үш жыл жумыс стажына ийе болған шахс тайынланады. Бас редактор шөлкемниң шөлкемлестириўшиси (шөлкемлестириўшилери) ямаса басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан босатылады. Буннан тысқары, баспа басылымларын шығарыў ҳаққындағы қарар бас редактор тәрепинен қабыл етилиўи, ол басылымның дөретиўшилик жумысы ушын жуўапкер екенлиги сыяқлы нормалар беккемленбекте.

Сондай-ақ, нызам менен китапқумарлықты хошаметлеў, китапқумарлық мәдениятын ғалаба ен жайдырыў ҳәм арттырыў принципи сыпатында белгиленбекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам китапларды миллий стандартлар тийкарында басып шығарыўға, китапларда нызамшылыққа ҳәм социаллық әдеп-икрамлылыққа қайшы мазмундағы мәлимлеме тарқатылыўының алдын алыўға және жәмийетте китапқумарлық мәдениятын, баспалардың социаллық жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине транспорт хызметин көрсетиўди шөлкемлестириў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде транспорт тараўын раўажландырыўға, тасыўлардың қәўипсизлигин жоқары дәрежеде тәмийинлеўге, транспорт тараўындағы басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, транспортта тасыўларға қойылатуғын талаплар ҳәм шәртлерге әмел етилиўи бойынша тасыўшылардың жуўапкершилигин арттырыў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыўда коррупцияны сапластырыў, транспорт тараўындағы қадағалаўдың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы нызамшылықты қайта көрип шығыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Сондай-ақ, транспорт тараўындағы мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанында Транспорт қадағалаўы инспекциясы шөлкемлестирилгенлиги мүнәсибети менен нызамшылыққа тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў талап етилмекте.

Усы нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, “Тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққында”ғы, “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы және “Транспорт ҳаққында”ғы нызамларға транспорт хызметин көрсетиўди шөлкемлестириў системасын жетилистириўге ҳәм тасыўлардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске темир жол транспортында ҳәм метрополитенде ҳәрекетлениў ҳәм тасыў қәўипсизлиги талапларын ҳәм жолаўшыларды, багажды ҳәм жүк багажын тасыў қағыйдаларын бузғаны ушын жәрийма салыўға себеп болатуғынын белгилеўши қосымшалар киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, 2023-жыл даўамында метрополитенде 172 миллион, жолаўшы поездларда 9 миллион 300 мың жолаўшы тасылған болса, 2024-жылы метрополитенде 270 миллион, жолаўшы поездларда 10 миллион 70 мың, сондай-ақ, автомобиль транспортында 8 миллиардтан аслам жолаўшыларды тасыўға ерисилди. Буннан тысқары, 2024-жыл даўамында темир жол транспортында 102,7 миллион тонна жүк тасылған болса, автомобиль транспортында 2 миллиард тоннадан артық жүк тасылған.

Бул болса өз гезегинде мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўда жолаўшы ҳәм жүклерди мәнзилине өз ўақтында қәўипсиз жеткериў, оларға хызмет көрсетиў процесиниң үзликсизлиги, сапасы, турақлылығы ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў зәрүрлигин талап етпекте.

Әмелдеги нызамшылықта темир жол тасыўлары қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша кемшиликлер ҳәм ҳуқықбузарлықлар анықланғанда Транспорт қадағалаўы инспекциясы юридикалық шахсқа тек ғана көрсетпе бериў ҳуқықына ийе.

Соның ишинде, темир жол транспорты ҳәм метрополитенде 2024-жылы ҳәрекетлениў ҳәм тасыўлар қәўипсизлиги талапларының қопал бузылыўы менен байланыслы 130 ҳәдийсе жүз берген. Нәтийжеде ҳәрекеттеги қурам ҳәм темир жол инфраструктурасына дерлик 4 миллиард сум материаллық зыян жеткерилген. Сондай-ақ, мәмлекетимиз автомобиль жолларының тәртипке салынбаған темир жол кесилиспелеринде поездлар ҳәм автотранспорт қуралларының қатнасыўында 2024-жылы 38 жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген ҳәм оның ақыбетинде 11 пуқара қайтыс болған.

Сол себепли Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс жаңа 1131-статья менен толықтырылып, тасыўлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қағыйда ҳәм талапларды бузғаны ушын лаўазымлы шахсларға ҳәм хызметкерлерге базалық есаплаў муғдарының он есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленбекте.

Додаланып атырған нызам менен халықаралық ҳәм қалалараралық автомобиль тасыўларын әмелге асырыўда айдаўшылардың мийнет ҳәм дем алыў режимин бузғаны ушын базалық есаплаў муғдарының жети есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленбекте.

Сенаторлар тәрепинен нызам транспорт хызметин көрсетиўди шөлкемлестириў системасын жетилистириўге және жүк ҳәм жолаўшыларды тасыўда қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети