1-январьдан фермер ҳәм дийқанлар ушын ҚҚС жеңилликлери кеңейтиледи

152

Бул ҳаққында Салық комитетиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти.

2026-жыл 1-январьдан баслап аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен дийқан ҳәм фермерлерге өзи жетистирген аўыл хожалығы өнимин (ғәлле ҳәм пахтадан тысқары) сатыўда қосымша қун салығы ушын ноллик ставка қолланылады.

Соның менен бирге, өним жетистириў процесинде туқым, төгин, жанылғы, транспорт, электр энергиясы сыяқлы қәрежетлер бойынша есапқа алынған ҚҚСты қайтарып бериў әмелияты да сақланып қалады.

Нәтийжеде дийқан ҳәм фермерлердиң еркинде жылына 300 миллиард сум муғдарында қаржы қалады, сондай-ақ, қосымша түрде 400 миллиард сум муғдарында салықты қайтарып алыў имканияты жүзеге келеди.

Ш.Маматуропова,

ӨзА