“Басламалы бюджет” – пуқаралық белсендилик ҳәм ашық-айдынлық сынағында

Мәмлекетимизде халықтың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, социаллық мәселелерге қатнасын күшейтиў, пуқаралардың басламалары тийкарында бюджет қаржыларын ажыратыўда “Басламалы бюджет” жойбары әҳмийетли орын ийеледи. Бул жойбар арқалы жергиликли әҳмийеттеги жоллар, мектеплер, бақшалар, ишимлик суўы ҳәм басқа да социаллық инфраструктуралардың оңланыўы ямаса қурылысы бойынша халықтың даўысы тийкарында бюджет қаржыларының ажыратылыўы жолға қойылды.
Бирақ, бул процесс пенен байланыслы айырым машқалалар да жүзеге келмекте. Соның ишинде, соңғы ўақытлары даўысларды жасалма арттырыў, оларды материаллық хошаметлеў есабынан жыйнаў, халықты надурыс ямаса жетерли болмаған мәлимлеме тийкарында даўыс бериўге ийтермелеў сыяқлы жағдайлар бақланбақта. Бул болса жойбардың тийкарғы мазмуны болған пуқаралық белсендилик, әдиллик ҳәм ашық-айдынлық принциплерине зыян жеткериўи тәбийғый.
“Басламалы бюджет” – халықшыл жойбар. Ҳәр бир пуқара өз аймағындағы әҳмийетли машқалаларды алға қойып, олар ушын даўыс бериўи ҳәм ең көп даўыс топлаған басламаларға мәмлекетлик бюджеттен белгили муғдарда қаржы ажыратылады. Бул арқалы пуқаралар өз турмысларына тиккелей тәсир көрсетиў имканиятына ийе болады.
Бул әмелият Өзбекстанда пуқаралық жәмийеттиң қәлиплесиўинде үлкен қәдем болғанын атап өтиў керек. Себеби алдын бундай имканиятлар дерлик жоқ еди. Енди болса ҳәр бир пуқара өз даўысы менен қайсы мектеп оңланатуғынын ямаса қайсы жол асфальтланатуғынын белгилей алады.
Бирақ, соңғы ўақытлары жойбарға байланыслы даўыс жыйнаў процесслеринде айырым унамсыз жағдайлар да бақланбақта. Көбинесе даўыслар “сатып алынбақта.” Май, ишимликлер, мобиль төлемлер, интернет трафиклер есабынан пуқаралардан даўыс жыйналмақта. Бул болса олардың даўыс бериў шешимин манипуляциялайды.
Айырым үшинши шахслар пуқараларға “Егер даўыс берсеңиз, сизге пул ямаса саўға бериледи” деп надурыс мағлыўматлар тарқатпақта. Бул болса жойбардың исенимлилигине зыян жеткереди. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң рәсмий мәлимлеме каналы бул ҳаққында мағлыўмат берди. Онда келтирилиўинше, соңғы ўақытлары социаллық тармақларда рәсмий емес Телеграм ботлары арқалы “Басламалы бюджет” процесслерине даўыс бериўдиң есабынан ақшалай сыйлықлар усыныс етилиўи ҳәм үшинши шахслар жойбарларға даўыс жыйнаў мақсетинде ақшалай қаржылар ямаса материаллық байлықлар ўәде етип пуқаралардан даўыс жыйнап, кейин ала сыйлықларды бермеў жағдайлары бақланған. Әмелдеги тәртипке бола, берилген даўыслар ушын ҳеш қандай төлем талап етилмеўи менен бир қатарда, ҳеш қандай материаллық хошаметлеў де нәзерде тутылмаған. Жуўапкерлер халықты жеке мағлыўматларды ҳеш кимге бермеў ҳәм алдаўшылардың дузағына түсип қалмаўы бойынша ескертти.
Көпшилик жағдайларда, пуқаралар “даўысы ушын” қандайда бир хошамет алып атырғанын өз пайдасына деп ойлайды. Бирақ, бул арқалы олардың даўыслары ҳақыйқый мүтәжликлерге емес, жасалма басламаларға хызмет етпекте. Негизинде бул ҳәрекетлер пуқаралық сананың жетерли дәрежеде қәлиплеспегени ҳәм жойбардың мазмуны ҳаққында анық түсиникке ийе болмағаны ақыбетинде келип шықпақта.
Дүньяда көплеген мәмлекетлер пуқараларды социаллық белсенди болыўға ийтермелеўде креатив ҳәм нызамлы усыллардан пайдаланады. Мысал ушын, ҳәр қыйлы мәлимлеме компаниялары, үгит-нәсият материаллары, ғалаба додалаўлар ҳәм жәмәәтлик жыйналыслар усылардың қатарына киреди.
Айырым Батыс мәмлекетлеринде “cоffее-break” түриндеги жыйналыслар арқалы халықты тартыў жағдайлары кең тарқалған. Бирақ бул жерде тийкарғы мақсет мәлимлеме жеткериў ҳәм жәмийетти додалаўға тартыў, даўыс орнына материаллық зат ўәде етиў емес.
“Басламалы бюджет” жойбары шеңберинде келип шығып атырған машқалалар ҳәм түсинбеўшиликлердиң алдын алыў ҳәм жойбарды ҳақыйқый халық мәпи жолына бағдарлаў ушын бәринен бурын, мәнисти толық түсиниў зәрүр. Онда, даўыс бериў тәртиби ҳәм даўыс бериўде қатнасыўдың жуўапкершилиги ҳаққында кеңнен үгит-нәсият жумыслары алып барылыўы, даўыслар саны менен бир қатарда басламаның әҳмийети, жәмәәтке тәсир шеңбери ҳәм әҳмийетлилиги де баҳаланыўы керек. Соның менен бирге, халық алдаўшыларға алданып қалмаўы ушын ҳуқықый саўатлылығы жетерли болыўы керек.
“Басламалы бюджет” – бул тек ғана қаржылай қоллап-қуўатлаў емес, ал пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў ҳәм өз тәғдирине бийпәрўа болмаўды хошаметлеўши әҳмийетли жойбар. Оның табысы, бәринен бурын, ҳәр бир пуқараның ҳүжданлы қатнасыўына, мәлимлемеге тийкарланған қарарына ҳәм ең әҳмийетлиси, ашық-айдынлыққа байланыслы.
Солай екен, ҳәр биримизден талап етилетуғын нәрсе бийпәрўалықтан ўаз кешиў, белсендилик ҳәм ҳадаллық пенен жәмийетлик турмысқа қатнасыў болып табылады. Себеби бул жойбар арқалы шешилетуғын мәселелер, тийкарынан ҳәр биримиздиң ертеңги күнимизди белгилейди.
Дилдора ДЎСМАТОВА ӨзА