Илимпазлар: көп телевизор көриў адамды депрессияға түсирип жибереди

138

Экран алдында узақ ўақыт қалыў депрессияныӊ раўажланыў қәўпин арттырыўы мүмкин. 65 мыңнан аслам үлкен жастағы қатнасыўшылардың мағлыўматларын таллаған халықаралық топар изертлеўшилери усындай жуўмаққа келди.

Изертлеў European Psychastry журналында басып шығарылды.

Изертлеўлер соны көрсетти, орта жастағы адамларда телевизор алдында өткерилетуғын ўақыттың бир бөлегин физикалық белсендилик ямаса уйқы менен алмастырыў депрессияның раўажланыў итималын азайтады. Кексе адамларда бундай қорғаў тәсири тек спорт пенен байланыслы, жас қатнасыўшыларда болса ҳеш қандай унамсыз тәсир табылмады.

Авторлардың пикиринше, алынған нәтийжелер телевизор алдында көп ўақыт өткериў әдети руўхый кеселликлер ушын қәўип факторы болыўы мүмкин екенлигин атап өтеди.

Ўақытты және де жедел ҳәм пайдалы ҳәрекетлер менен алмастырыў депрессияның алдын алыў илажы сыпатында хызмет етиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги