«Саламатлық ушын 5000 қәдем» жойбары өткерилди

94

Азаннан баслап Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» жаслар фестивалы шеңберинде оқыўшы, студент ҳәм жәмлеспеген жаслардың қатнасыўында «Саламатлық ушын 5000 қәдем» жойбары шөлкемлестирилди.


Илажда мыңнан аслам кеўилли жаслар қатнасып, саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаўға өз үлесин қосты. Жүриў марафоны «Дослық» каналының бойында жолға қойылып, қатнасыўшыларға жақсы кейпият ҳәм руўхый көтериңкилик бағышлады.
Жойбар жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды физикалық белсендиликке шақырыў ҳәм пайдалы әдетлерди қәлиплестириўге хызмет етти.


«Бес баслама олимпиадасы» шеӊберинде өткерилетуғын илажлар даўам етеди.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы