Суд – әдиллик тийкары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-август күнги «Əдил судлаў тараўында жоқары тǝжирийбели кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-141-санлы Пǝрманы қабыл етилди.
Пǝрманға бола, Судьялар жоқары мектеби реформаланып, оның негизинде Өзбекстан Республикасы Əдил судлаў академиясы шөлкемлестирилди. Бул болса, өз гезегинде судлаўдың ашықлығы ҳǝм ҳалықшыллығын тǝмийнлеўге қаратылған болып, ǝдалат ҳǝм исенимди тǝмийинлеўде судьялық лаўазымының турақлылығы әҳмийетке ийе екенлигин көрсетеди.
Сөзимиздиң айқын дǝлили сыпатында, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судының 2025-жылдың 1-августтағы ҳүкимине бола, дǝслепки тергеў органы тǝрепинен «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети «Энергосавдо» Қарақалпақстан филиалы Тахтакөпир районлық бөлими хызметкерлери тǝрепинен усы жылдың 15-январь күни райондағы Айдын жол МПЖ аймағында жасаўшы тутыныўшылардың Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-марттағы «Электр энергиясы ҳǝм тǝбийий газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы
319-санлы қарары менен тастыйықланған «Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары»на ǝмел етилиўи жағдайы үйренилгенинде У.У өзи жасайтуғын үйде «Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары»на қайшы түрде, электр есаплағышын орнатпай тиккелей электр энергиясы тармағына жалғанып, жǝми 44413кВт электр энергиясынан нызамға қайшы түрде пайдаланған. Буның нǝтийжесинде «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети «Энергосавдо» Қарақалпақстан филиалына 59 млн. 957,8 мың сум зыян жеткерилгени есапқа алынған ҳǝм У.У Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген жынаятты билқастан ислегенликте айыпланыўшы сыпатында иске тартылған.
Судтың ǝдил шешими ҳǝм мақул дǝлиллер менен У.У Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы 2-бөлими менен Жынаят процессуал кодексиниң 83-статьясы 2-бǝнтине тийкарланып айыпсыз деп табылып ақланды.
Ҳǝзирги күнде мǝмлектимизде суд-ҳуқық реформалары дǝўиринде, тек ғана суд тараўында емес, ал, ҳуқық тараўы уйымлары системаларында да заман талапларынан келип шыққан ҳалда өзгерислер ǝмелге асырылмақта. Бул өзгерислер мǝмлекетимиздиң раўажланыўы ҳǝм халқымыздың мǝплерине хызмет етиўи лазым.
О. Мауленов,
Жынаят ислери бойынша
Тахтакөпир район суды баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги