Мәмлекетимизде қайсы аймақлар картошка жетистириў бойынша жетекши?

140

Өзбекстанда картошка ең көп жетистирилетуғын ҳәм пайдаланылатуғын тийкарғы аўыл хожалығы егинлеринен бири. Бул өним халықтың күнделикли азық-аўқат рационында әҳмийетли орын ийелейди. Аўыл хожалығы, сондай-ақ, экспорт тараўлары ушын да үлкен әҳмийетке ийе.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында республикамызда картошка жетистириў көлеми 1,9 миллион тоннаға жетти. Бул болса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3,4 процентке өскенин көрсетеди.

Аймақлар кесиминде картошка жетистириў бойынша Самарқанд ўәлаяты жетекши. Яғный, бул аймақта январь-июнь айларында 334,3 мың тонна картошка жетистирилген. Бул жерде ҳаўа-райы шараятлары ҳәм топырақтың өнимдарлығы картошка жетистириўге қолайлы болып, аўыл хожалығы инфраструктурасы жақсы раўажланған. Сурхандәрья ўәлаяты болса 247,5 мың тонна картошка жетистирип екинши орында. Бул ўәлаяттың климат шараятлары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўдеги өнимдарлыққа байланыслы.

Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятлары да картошка жетистириўде әҳмийетли орын ийелейди. Олардың ҳәр бири 230 мың тоннадан аслам картошка жетистирген. Бухара, Наманган, Ташкент, Қашқадәрья ҳәм басқа аймақлар да сезилерли дәрежеде картошка жетистириўди тәмийинлемекте, бирақ олардағы өним көлеми жетекши аймақларға салыстырғанда кемирек. Бундай айырмашылықлар тийкарынан аймақлардың тәбийғый-климат шараятлары, суўғарыў имканиятлары, жерлердиң өнимдарлығы ҳәм аўыл хожалығы технологияларын қолланыў дәрежесине байланыслы.

Және бир әҳмийетли тәрепи картошка жетистириў көлеминиң артыўы ишки базар талапларын тәмийинлеў менен бир қатарда, экспорт имканиятларын кеңейтиў ушын да әҳмийетли болып есапланады. Сол себепли, фермерлерге қосымша жәрдем көрсетиў, инновациялық усылларды енгизиў ҳәм жерлерди нәтийжели басқарыў арқалы картошка жетистириўди және де арттырыў перспективалары бар.

Улыўма алғанда, 2025-жылдың дәслепки алты айындағы картошка жетистириў көрсеткишлери аўыл хожалығында турақлы өсиў ҳәм раўажланыўдың айқын дәлили болып, аймақлараралық бәсеки ҳәм бирге ислесиўди күшейтиў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин және де беккемлеў имканиятын береди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА