Дүнья бойлап ишимлик суўы жетиспеўшилиги барған сайын күшеймекте

174

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм “UNICEF”тиң биргеликтеги есабатында айтылыўынша, жер жүзиндеги ҳәр төртинши адам елеге шекем таза ишимлик суўынан пайдалана алмайды.

– 2015-жылдан берли ерисилген унамлы нәтийжелерге қарамастан, жәми 2,1 миллиард адам елеге шекем таза суўдан пайдаланбайды, планетамыздың 106 миллион халқы болса тиккелей тазаланбаған суў дәреклеринен пайдаланады, – делинеди ҳүжжетте. – Сондай-ақ, 3,4 миллиард адам қәўипсиз санитария ҳәм гигиена шараятына ийе емес, 1,7 миллиард адам елеге шекем үйинде әпиўайы гигиена хызметинен пайдалана алмайды.

Кем тәмийинленген мәмлекетлерде, әззи шараятта, аўылларда жасайтуғын адамлар, балалар, сондай-ақ этникалық азшылық ҳәм жергиликли халық ўәкиллери оғада сезилерли теңсизликке дус келмекте.

Балалар қәўипсиз суў, санитария ҳәм гигиенаға ийе болмаса, олардың денсаўлығы, билимлендириўи ҳәм келешеги қәўип астында қалады. Бундай теңсизлик, әсиресе, суў топлаў жүклемеси мойнына түсетуғын, өспиримлигинде қосымша қыйыншылыққа дус келетуғын қызларға кескин қәўип туўдырады.

Ҳәзир ҳәр бир бала ушын қәўипсиз суў ҳәм санитариялық тәмийинлениўи менен байланыслы миннетлемени орынлаў барған сайын қыйынласпақта, делинеди UNICEF жанындағы “Суў, санитария ҳәм гигиена бағдарламасы” директоры Сесилия Шарп келтирген есабатта.

С.Раҳимов, ӨзА