Польша АҚШтан G20 қурамына қосыўды сорады

Польша сыртқы ислер министри Радослав Сикорский АҚШ Мәмлекетлик хаткери Марк Рубиодан мәмлекетин G20 структурасына шақырыўды сораған.
— Польша триллион долларлық экономикалар клубына киргени мүнәсибети менен, келеси жылы G20 топарына басшылық ететуғын Америка Қурама Штатларынан Польшаны усы дөгерекке мирәт етиўин сорадым, – деп Сикорскийдиң Рубио менен Майамидеги ушырасыўдан соң билдирген пикирин келтирген РАР агентлиги. – Биз дүньядағы ең ири 20 экономикадан бири сыпатында ғана емес, ал сиясий ҳәм интеллектуаллық аргумент усыныс етиўши мәмлекет сыпатында да буған ҳақылымыз. Мәмлекетимиз режелестирилген экономикадан еркин экономикаға табыслы өтти ҳәм басқаларға үлги бола алады.
Рәсмий статистика да 2025-жылы Польша экономикасы биринши мәрте триллион доллардан асқанын тастыйықлайды.
С.Раҳимов,
ӨзА