Қубла Корея Арқа Кореяға бағдарланған “Азатлық ҳаўазы” еситтириўин тоқтатты

Корея Республикасы 2010-жылдан бери биринши мәрте Арқа Корея халқына арналган үгит-нәсият радио багдарламасын шекледи. Бул ҳаққында “Рёнхап” агентлиги мәмлекет Қорғаныў министрлигине сүйенип хабар тарқатқан.
– Қорғаныў министрлиги еки Корея арасындағы әскерий кескинликти жумсартыўға қаратылған ҳәрекет шеңберинде “Азатлық ҳаўазы”н еситтириўди тоқтатты, – деп, қорғаныў министрлиги ўәкили сөзлеринен силтеме келтирген агентлик.
Қубла Корея 2010-жылы Сары теңизде Чеонан корвети шөгип кеткеннен кейин, Корея Халық Демократиялық Республикасында тыңлаў мүмкин болған еситтириўди тиклеген еди. Сол қурылма апатшылық ўақты, белгисиз себепке бола, екиге бөлинген. Сеул рәсмийлери кемени Арқа Корея торпедасы тәрепинен батырылғанын атап өткен.
Айтпақшы, Қубла Кореяның жаңа Президенти Ли Чже Мён лаўазымға кирискеннен берли тынышлық орталығында Арқа ҳәм Қубла арасындағы исенимди тиклеў әҳмийетли екенлигин атап өтпекте.
С.Раҳимов, ӨзА