Сенаттың оныншы жалпы мәжилисин шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди

174

Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Кенгаш тәрепинен Сенаттың оныншы жалпы мәжилисин усы жыл 4-сентябрь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Жалпы мәжилистиң күн тәртибине “Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ҳаққында”ғы, “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы, “Баспа жумысы ҳаққында”ғы нызамлар киргизилген.

Сондай-ақ, ЖСШға ағза болыў процесслери және де жеделлестирилиўи, кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы бир қатар нызамларды да көрип шығыў режелестирилген.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте айырым нызам ҳүжжетлерине транспорт хызметин көрсетиўди шөлкемлестириў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам да көрип шығылады.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен парламентлик қадағалаў шеңбериндеги бир қатар мәселелер де көрип шығылады.

Атап айтқанда, Бас прокурордың прокуратура уйымларының 2024-жылдағы жумысы бойынша есабаты ҳәм Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы миллий баянат көрип шығылады.

Сенаторлар тәрепинен Самарқанд ўәлаятының айырым аймақларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе де додаланады.

Буннан тысқары, студентлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў, оқыўшыларды сапалы сабақлықлар менен тәмийинлеў бойынша парламентлик сораўлар жибериў мәселелери көрип шығылады.

Жалпы мәжилис шеңберинде аўыл хожалығын раўажландырыў, илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм тараўда илим жетискенликлерин енгизиў бойынша парламентлик сораў нәтийжелерин де додалаў режелестирилген.

Жоқарғы судтың қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе де сенаторлар тәрепинен көрип шығылады,-деп мәлимлеме береди senat.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги