Бельгия да Палестинаны тән алмақшы

Усы айда болып өтетуғын БМШ Бас Ассамблеясы сессиясында Бельгия да Палестина мәмлекетин тән алатуғыны жәрияланады. Бул ҳаққында усы патшалық сыртқы ислер министри Максим Прево мәлим етти.
Ол социаллық тармақтағы бетинде төмендеги мазмунда баянат берген: Бельгия БМШ сессиясында Палестинаны тән алады! Израильға болса кескин санкция енгизиледи. Соның менен бирге ҲАМАС тәрепдарлары тәрепинен ҳәр қандай антисемитизм ямаса терроризмди улығлаў қатаң қаралады. Бельгия Палестинаны Франция ҳәм Саудия Арабстанының биргеликтеги басламасын тән алады!
Президент Эммануэль Макрон 24-июль күни БМШ БА гезектеги мәжилисинде Франция Палестина мәмлекетин рәсмий түрде тән алатуғынын мәлим еткен. Ол Палестина администрациясы басшысы Маҳмуд Аббосқа бул ҳаққында хат жибергенин де атап өткен.
Өткен жылы Қурама Штатлар Палестинаның БМШқа толық ағза сыпатында қабыл етилиўине вето қойған. Соннан берли Палестинаны он мәмлекет, соның ишинде, Ирландия, Норвегия, Испания ҳәм Армения да тән алды.
С.Раҳимов, ӨзА