Ескекшилеримиз Қытай мәмлекетинде жоқары нәтийжелерди қолға киргизди

152

Қытай мəмлекетинде спорттың Академиялық ескек есиў спорт түринен У-19 ҳəм У-23 жастағы ер балалар ҳəм қызлар арасында Азия чемпионаты болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан спортшыларымыз Айдана Сметтулаева қызлар арасында 1-орынды ийелеп, алтын медаль ал, Нурила Абдуалиева болса, сыйлы 3-орынды ийелеп, бронза медаль ийесине айланды.

Ер балалар арасында болса Бабур Хайтбаев 2-орынды ийелеп, гүмис медальды жеңип алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги