Өзбекстан Президенти Қытай миллий ядро корпорациясы баслығы менен сөйлесиў өткерди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пекин қаласына сапары шеңбериндеги исбилерменлик ушырасыўларының гезектегиси “China National Nuclear Corporation” (CNNC) баслығы Шэн Янфень менен болды.
Қытай миллий ядро корпорациясы пуқаралық ядро бағдарламалары тараўындағы ең ири мәмлекетлик кәрхана болып есапланады. Компания уранды излеў ҳәм байытыўдан баслап, Қытай ҳәм сырт елде атом электр станцияларын қурыўға шекемги жойбарлардың толық шынжырын әмелге асырады.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы “CNNC” баслығы ҳәм жәмәәтин Қытай атом санаатының 70 жыллығы менен қутлықлады.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстанда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Қытай компаниясының заманагөй технологиялар трансфери ҳәм уран кәнлерин өзлестириўдеги қатнасы, перспективалы майданларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, тыныш атом тараўында кооперацияны кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
ӨзА