Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының бийлиги менен:

Қобулжон Холиқович Аҳмедов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайының директоры лаўазымына;
Ҳусан Равшанович Салихов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы директорының орынбасары лаўазымына;
Жаҳонгир Муҳаммадали улы Абдураҳмонов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы директорының орынбасары лаўазымына тайынланды.
Қобулжон Аҳмедов буннан алдын “MY5” телеканалының бас директоры болған, тайынлаўға шекем МТРКның “Ёшлар” дөретиўшилик бирлеспесиниң директоры лаўазымын ийелеп келген. Ҳусан Салихов – белгили режиссёр, тайынлаўға шекем Президент Баспасөз хызметиниң Медиа орайын басқарған. Жаҳонгир Абдураҳмонов тайынлаўға шекем Президент Баспасөз хызметинде бас консультант лаўазымын ийелеп келген, буннан алдын “UZREPORT” телеканалында шеф-редактор болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги