Халқымыздың уллы ҳәм муқаддес байрамы кең түрде белгиленди

Еркинлик, тынышлық, тоқшылық, аўызбиршилик, ҳәм халықлар дослығының жоқары үлгиси болған Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы байрамын халқымыз бүгин барлық тараўларда мол табыслар менен күтип алмақта. Журтымыздың барлық орынларында байрам нәпеси есип, инсан қәдир-қымбаты, абырайы ҳәм ар-намысын алдыңғы орынға алып шығыў әҳмийетли ўазыйпаға айланған елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер биринши гезекте халқымыздың мәпи, оның бүгинги күннен разы болып жасаўы ушын әмелге асырылмақта.

Нөкис қаласындағы Ашық театрда Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланған «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» атамасындағы театрластырылған әдебий, музыкалы-хореографиялық байрам салтанаты жоқары көтериңки руўхта өткерилди. Президентимиздиң усы жыл 10-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыз бойлап кең көлемли таярлық жумыслары алып барылды. Ҳәр жылдағыдай, быйылғы жылы да байрам алдынан бир қатар өндирислик, социаллық-мәдений объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

Байрам салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды, гүллән халқымызды елимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде кѳп миллетли, мәрт ҳәм кеӊпейил халқымыз беккем аўызбиршиликте раўажланыўдыӊ жаӊа басқышларына қарай исенимли қәдем қоймақта. Быйылғы байрам илажлары болса инсанларды «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени астына бирлестирип, олардың қәлбинде ҳәр қашанғыдан да Ўатанға деген сүйиспеншилигин арттырмақта.

Ҳақыйқатында да, ғәрезсиз елимиз байрағы астында жасап ҳәм мийнет етип атырған кѳп миллетли халқымыз арасында мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм кеӊпейиллик пазыйлетлери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилгени, олардың арасында миллетлер аралық татыўлық ҳәм ѳз-ара дослық қатнасықлары буннан былай да беккемленип атырғаны бул – ҳеш нәрсе менен салыстырып ҳәм баҳалап болмайтуғын бийбаҳа байлығымыз саналады.Соны мақтаныш пенен атап ѳтиўимиз керек, Ғәрезсизлигимиздиң ҳәр бир жылы дөретиўши халқымыздың пидәкерлик мийнетлери менен елимиздиң жаңа тарийхына умытылмас ўақыялар болып жазылып бармақта. Быйылғы байрам илажларының «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» деген терең мазмунлы идея астында өткерилиўи көп миллетли халқымыздың жүрегине шексиз мақтаныш сезимлерин бағышлаў менен бирге олар арасында миллетлер-аралық татыўлық ҳәм ѳз-ара дослық қатнасықларын жəне-де беккемлеўде әҳмийетли орын тутпақта. Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстанда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Онда, әлбетте ѳткен қысқа дәўир ишинде ҳүрметли Президентимиздиң тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 20 дан аслам Пәрман ҳәм Қарарлары нәтийжесинде жаратылған имканиятлар менен жеңилликлер өзиниң жоқары нәтийжелери менен көзге тасланбақта.
Атап айтқанда көп миллетли халқымыздың дослық символына айланған дүньядағы ең үлкен Қара үй Нѳкис қаласында бой тиклеп, «Гиннестиң рекордлар китабы»на киргизилгени, 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 млн сумнан, жәми 228 млрд. сум қаржы ажыратылып, социаллық ҳәм инфраструкура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылғаны ҳәр бир жерлесимиз ушын мақтаныш сезимлерин оятады.
Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың жәми 21 мыңнан аслам турақ жайларында ҳәм қубла районлардағы 2 000 км ишки жолларда қурылыс-оңлаў жумысларының әмелге асырылып атырғаны, халқымыздың бир неше жыллық әрманы орынланып, «Әмиўдәрья» дәрьясы үстинен ѳтиўши, баҳасы 379 млрд сумлық заманагѳй кѳпирдиң пайдаланыўға тапсырылғаны, елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын, 383 млн. доллар есабынан жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылғаны, бүгинги күнде халқымыз ушын пайызлы дем алыў орнына айланған Тахтакѳпирдеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң жумыс баслағаны, «Нөкис – Мойнақ», «Нѳкис – Алмата» ҳәм «Нѳкис – Ақтаў» жөнелислери бойынша авиа-қатнаўлардың, сондай-ақ, «Нѳкис – Манғыстаў» жѳнелисинде поезд қатнаўының жолға қойылғаны – булар халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын жаратылып атырған тарийхый ўақыялардан болып табылады.

Усылар менен бир қатарда, ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлеримиз ушын жаратып берип атырған имканиятлары нәтийжесинде , Нөкис қаласында баҳасы 50 млн. доллар болған базальт минералынан ыссылық сақлаўшы материаллар ислеп шығарыў кәрханасы (“Каракалпак Базалтул”) ҳәм баҳасы 48,6 млн. доллар болған пахта ҳәм жасалма талшықтан ийирилген жип ислеп шығарыў кәрханасының иске тускени (“Нукус ССП Технопарк)”, Қараөзектеги “Қарақалпақ цемент” кәрханасында жойбар баҳасы 645 млрд. сумлық қуўатлылығын кеңейтиў илажлары алып барылып, сапалы цемент таярлаў имканияты жылына 1 млн. тоннаға жеткерилгени, Қоңыратта 225 млрд. сумлық натрий сульфат ислеп шығарыў кәрханасының (“ККРаси кемикал”) ашылғаны исбилерменлеримиздиң жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырғанын кѳрсетеди.
Әлбетте, булардың барлығы халқымыздың турмыс дәрежесин буннан былай-да жақсылаўда ҳәм экономикамызды және де раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелемекте.

Байрам тамашалары “Ниҳол” сыйлығының лауреатлары Мухаммед Төребеков ҳәм Дәўранбек Ендирбаев, опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты оқыўшысы Арыўжан Қалбаевалардың атқарыўындағы “Ана Ўатаным” музыкалы композициясы менен басланды. Буннан соң халықлар дослығы, спорт, “Биз Жаңа Өзбекстан перзентлеримиз!”, “Қүдиретли Армия” бөлимлеринде спортшылардың көргизбели шығыўлары, Арқа-батыс әскерий округи әскерлери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар кеўиллерге заўық бағышлады. Сондай-ақ, Өзбекстан халық артисти, Тәжикстан халық артисти Оғабек Собировтың атқарыўындағы “Марҳа билагини”, түрк қосықшысы Фериал Башелдиң “Айдынлар”, Башқуртстан халық артисти, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Загир Зайнетдиновтың атқарыўындағы “Урал таў”, Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Толқын Жаббаровтың атқарыўындағы “Лазги”, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Мырзагүл Сапаеваның атқарыўындағы “Ўатан” қосықлары байрам қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.
Салтанатлы байрам салютлар шоусы менен жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланған бундай илажлар республикамыздың барлық районлары ҳәм аўыллары бойлап даўам етпекте.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги
Азизбек Дабыловтыӊ түсирген сүўретлери