Кегейлишилер де байрам қушағында

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли районында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы «Ўатан ушын, халық ушын, миллет ушын» сүрени астында салтанатлы түрде белгиленди.
Байрам салтанатына район басшылары, депутатлар, белсенди нураныйлар, жаслар ҳәм басқа кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкими А. Камалов Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, соңғы жыллары халқымыз тәрепинен қолға киргизилген жетискенликлер ҳәм табысларды мақтаныш пенен атап өтти.
Байрам салтанаты республикамыз белгили қосықшылар, районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
-Райондағы ҳәр бир пуқара ушын бул байрам – мақтаныш ҳәм елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў жолында және бир руўхландырыўшы мәўрит болды,-дейди аймақ турғыны Қулмурат Жийемуратов.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамына бағышланған илажлар республикамыз аймақлары бойлап даўам етпекте.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы