Қараөзекте Ғәрезсизлик байрамы салтанатлары

207

Қараөзек районында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланған «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени астында байрам илажында район ҳәкими Анвар Баймуратов илаж қатнасыўышларын ең уллы ҳәм ең әзиз байрам менен қутлықлап, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында пүткил мәмлекетимиз аймақларында, соның ишинде Қараөзек районында да ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип атырғанын мақтаныш пенен атап өтти.

Әсиресе, соңғы жыллары аймақта бурын болмаған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, район халқына мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў бойынша көплеген ислер әмелге асырылды. Атап айтқанда, район орайында барлық қолайлы инфраструктураға ийе «Жаңа Өзбекстан» массиви қурылып, бул жерде зәўлим имаратлар, заманагөй мектеп ҳәм бақшалар қурып берилди. Соның менен бирге, быйылғы жылдың өзинде «Қараөзек текстил» кәрханасы иске түсирилип, онда 200 ге шамалас пуқаралардың жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди. Ўатанымыз Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы алдында  Есим  мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Жаслар дөретиўшилик ҳәм сейил етиў гүзары», Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жүзиў спорт сарайы  пайдаланыўға тапсырылды.

Салтанатлы байрам илажы районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы