Марҳум Қосимов Рустам Собировичти «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

155

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимиз ғәрезсизлигин ҳәм оның руўхый тийкарларын беккемлеў, өзиниң үлкен билим ҳәм потенциалы, интакерлик ҳәм шөлкемлестириўшилик пазыйлетлери менен елимизде денсаўлықты сақлаў, тәлим-тәрбия, илим, дипломатия, мәденият ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў, жоқары маман кадрларды таярлаўға қосқан үлкен үлеси, жәмийетимизде тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлер ҳәм динлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жолында көрсеткен жанкүйерлиги және туўылған күниниң 70 жыллығы мүнәсибети менен белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, илимпаз ҳәм педагог, марҳум Қосимов Рустам Собирович «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев