Өзбекстан ҳәм Америка бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилмекте
146

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде Америка Қурама Штатлары Президентиниң глобал шерикликлер бойынша арнаўлы ўәкили Паоло Замполли басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерилди.
Илажда Таў-кән санааты ҳәм геология министри Бобир Исломов, Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов ҳәм АҚШтың Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Жонатан Хеник қатнасты.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, минерал ресурслар, санаат, электротехника ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарлар бойынша пикир алысылды.
Министрликтиң мәлимлеме хызметиниң атап өтиўинше, ушырасыў жуўмақлары еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти кеңейтиўге хызмет етеди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА