Шоманай районында көп тармақлы поликлиника иске түсирилди

198

Шоманай районы медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиниканың өз алдына имараты болмағаны себепли, усы күнге шекем мәкемениң бир бөлегинде жергиликли халыққа хызмет көрсетип киятырған еди.

Ҳүрметли Президентимиздиң 404-санлы қарары тийкарында, район поликлиникасы ушын жаңа имарат қурыў «Социаллық өндирис инфраструктурасын раўажландырыў» бағдарламасына киргизилди. Жойбар шеңберинде 9,4 миллиард сум қаржы қаратылып, заманагөй поликлиника имараты қурылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.

400 қатнаўға мөлшерленген жаңа көп тармақлы орайлық поликлиника заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Бул жерде медициналық жәрдем көрсетиў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған.

Бул имараттың иске қосылыўы Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы қарсаңында халқымыз ҳәм медицина хызметкерлери ушын үлкен саўға болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги