Физикалық тәрептиң тѳлеўге қәбилетсизлиги – нызам бойынша норма талаплары

168

2022-жылдың 12-апрельде «Тѳлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы нызамы тастыйықланды ҳәм алдын әмелде болған, яғный 1994-жылы 5-майда қабыл етилген «Банкротлық ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы нызамы ѳз күшин жоғалтты.

Жаңа нызамға бола, тѳлеўге қәбилетсизлик – суд тәрепинен тән алынған, қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын толық кѳлемде қанаатландырыўға ҳәм (ямаса) салықлар ҳәм жыйымлар бойынша ѳзиниң миннетлемелерин толық кѳлемде орынлаўға уқыплы болмаған физикалық ҳәм юридикалық тәреп түсинилиўи белгилеп қойылды.

Усы нызамға бола, тѳлеўге қәбилетсизлик белгилери: ўақтынша тѳлеўге қәбилетсизлик – миннетлемеси 3 айда орынлай алмаўшылық, турақлы тѳлеўге қәбилетсизлик – судқа арза бериў сәнесиндеги ҳәм арза берилген жылдың басындағы есап-санақ дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлериниң қунынан асып кетиўинен ибарат.

Қарыздар пул миннетлемелерин орынламағанлығы ушын оған болған тѳлеӯге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыӯ ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжет етиӯ ҳуқықына қарыздардың ѳзи ҳәм кредитор ийе.

Қарыздар салықлар ҳәм жыйымлар бойынша миннетлемелерин орынламағанлығы ушын оған тѳлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыӯ туӯрысындағы арза менен судқа мүрәжат етиў ҳуқықына қарздардың ѳзи, мәмлекетлик салық хызмети уйымлары, сондай-ақ устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси болған ҳәм (ямаса) пул миннетлемелери бойынша Ѳзбекстан Республикасы алдында қарзы болған юридикалық тәреплерге  болған тѳлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ислер бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм оның аймақлық басқармалары ийе болады.

Тѳлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ис суд мәжилисинде қарыздардың тѳлеӯге қәбилетсизлиги ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза ис жүргизиӯге қабыл етилгенлиги ҳаққындағы уйғарыӯ шығарылған күннен баслап 2 айдан артық болмаған мүддетте кѳрип шығылады ҳәм исти кѳриӯ айрықша  жағдайларда 1 айдан аспаған мүддетке созылыўы  мүмкин. Тѳлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ис бойынша суд ҳүжжетлери дәрҳал орынланады.

Тѳлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы исте мәмлекет тәрепинен ўәкилликли уйым  болып, Мәмлекетлик активлеринди басқарыў агентлиги қатнасады.

Алдыңғы әмелде болған «Банкротлық ҳаққында» ғы Ѳзбекстан Республикасы нызамынан парықлы түрде кейинги қабыл етилген нызамда физикалық тәрептиң тѳлеўге қәбилетсизлиги мәселелери де тәртипке салынды.

Қарыздар физикалық тәрептиң пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыўға ҳәм салықлар және жыйымлар бойынша ѳзиниң миннетлемесин толық кѳлемде орынлаўға уқыплы  болмаўы, егер тийисли миннетлемелер ҳәм тѳлеў миннетлемелери пайда болған күннен баслап үш ай ишинде қарыздар физикалық шахс тәрепинен орынланбаған, қарыздар физикалық тәрепке болған талаплар базалық есаплаӯ муғдарының кеминде еки жүз есесин қураса, қарыздар физикалық тәрептиң  тѳлеӯге қәбилетсизлиги белгилери болып есапланады.

Қарыздар физикалық тәреп кредитор, сондай-ақ мәмлекетлик салық хызмети ҳәм басқа ўәкилликли уйымлар физикалық тәрепти  тѳлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиӯи мүмкин.

Қарыздар физикалық тәрепти  тѳлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арза келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей арзаны қабыл етиӯ ҳәм тѳлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы исти қозғатыӯ ямаса арзаны қабыл етиӯди бийкарлаў яки қайтарыӯ ҳаққындағы уйғарыӯды шығарады.

Физикалық тәрепке болған тѳлеӯге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыӯ ҳаққында судқа арза берген арза бериӯши тәрепинен финанслық басқарыӯшыға ҳақысын тѳлеӯ ушын судтың депозит есап-бетине мийнетке ҳақы тѳлеӯдиң ең кем муғдарының 7 есеси муғдарында алдыннан пул қаржыларын тѳлеӯ керек болады.

Судтың физикалық тәрептиң қарызын қурамлы тәрептен ѳзгертиў  тастыйықлаӯ ҳаққындағы уйғарыӯы якм физикалық тәрепти  банкорт деп табыӯ ҳәм оның мүлк меншигин сатыӯ процедурасын баслаӯ ҳаққындағы шешими шығарылғанға шекем ѳндириӯди гиреӯге қойылған мүлк меншигине қаратыўға жол қойылмайды.

Физикалық тәрептиң  мүлклик жағдайы жақсыланған жағдайда, кредиторлардың жыйналысы физикалық тәрептиң қарызын қурамлы тәрептен ѳзгертиў режесине ѳзгерислер киргизиӯ ҳаққындағы ѳтиниш хаты  менен судқа мүрәжат етиӯге ҳақылы.

Жуўмақлап айтқанда, ендигиден былай тѳлеўге қәбилетсизлиги себепли ҳәттеки физикалық тәреплер де  да банкрот деп табылыӯ процедурасы усы нызамда ѳз кѳринисин тапты.

 

Н.Таиров, Пуқаралық ислери бойынша Беруний

районлар аралық судының судьясы

Қарақалпақстан хабар агентлиги