Зеленский: Путин менен сөйлесиў Түркия, Персия қолтығы ямаса Европада өтеди

Украина Президенти Владимир Зеленский Түркия, Персия қолтығы ҳәм Европаның бир неше мәмлекети менен усы ҳәптеде дипломатиялық сөйлесиў өткерилетуғынын айтты. Оның сөзлерине бола, усы регионлардан бир мәмлекет РФ жетекшиси менен итималлы тиккелей сөйлесиў ушын мөлшерленген орын сыпатында көрилмекте.
Зеленскийдиң қосымша етиўинше, Украина урысты сапластырыўға таяр ҳәм сөйлесиўге таярлық көриў ушын бар күшин жумсамақта. Оның пикиринше, тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта Россияға күшли басым өткериў ҳәм ҳақыйқый тынышлық процесин баслаў зәрүр. Бул бағдарда сиясий ерк-ықрары шешиўши әҳмийетке ийе болған дүнья жетекшилери, биринши гезекте, АҚШ позициясы тийкарғы фактор болып қалмақта.
С.Раҳимов, ӨзА